«Жақсы сөз жан азығы»-дейди дана халқымыз. Сол айтқандай, ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ушын олардың таярлаған материалына айтылған бир аўыз жыллы сөз пидайы кәсип ийелерине шексиз қуўаныш ҳәм илҳам-йош бағышлайды.

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесинде 27-июнь-Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети пенен байрам кешеси болып өтти.

Оған республикамыздағы ғалаба хабар қуралларында хызмет етип атырған хызметкерлер қатнасты.

Кешеде Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси баслығы, сенатор Улығбек Жалменов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, илаж қатнасыўшыларын елимиз бойлап кең түрде белгиленип атырған кәсиплик байрамы менен шын кеўилден қутлықлап, бир қатар тараў пидайыларына   Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесиниң Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик саўғаларын салтанатлы жағдайда тапсырды.

Илажда сыйлықланғанлар атынан бир қатар журналистлер шығып сөйлеп, өзлерине көрсетилип атырған итибар ҳәм хошамет ушын шөлкемлестириўшилерге терең миннетдаршылықларын билдирди.

-Кәсиплик байрамы мүнәсибети менен бизлерге көрсетилип атырған итибар ҳәм хошамет ушын Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесине өзлеримиздиң миннетдаршылығымызды билдиремиз. Бул хошамет бизлерге үлкен күш-жигер бағышлап, жаңа дөретиўшилик ислерге қарай бағдарлайды,-дейди «Жеткиншек» газетасының арнаўлы хабаршысы Жеңисгүл Ибадуллаева.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы