Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде де баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен ушырасыў болып өтти.

Илажда Әдиллик министри Е.Турсинов ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин кәсиплик байрамы менен қутлықлап, халқымызға нызамшылықтағы жаңалықларды ҳәм ҳуқықый мағлыўматларды жеткериўде бирге ислесиўдиң әҳмийетине тоқтап өтти. Бул бирге ислесиў алдағы ўақытлар да даўам ететуғынлығын атап өтти.

Ушырасыў соңында министрлик тәрепинен әмелге асырылып атырған жумысларды кеңнен сәўлелендириўде белсендилик көрсетип ктиятырған бир топар тараў хызметкерлерине Миннетдаршылық хаты ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги