Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў Департаменти Қарақалпақстан Республикасы басқармасында баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күнине бағышланған илаж болып өтти.

Онда басқарма баслығы А.Юлдашов тараў хызметкерлерин кәсиплик байрамы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, нызам үстинлигин тәмийинлеў, нызам бузылыў жағдайларына маўасасыз гүресиў, мәмлекетимиздиң экономикалық қәўипсизлигин тәмийинлеў, ҳәр қандай тараўда жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлардыӊ алдын алыў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырыўда ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиў айрықша әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди. Бул өз гезегинде басқа ҳуқық қорғаў уйымлары менен биргеликте экономикалық жынаятларға қарсы гүресиўде алып барылып атырған жумысларды халқымызға жеткериўде, усы арқалы жынаятшылықтың алдын алыўда  айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Илаж соӊында бир топар тараў пидайыларына басқарма тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист Қ.Нағметов, “Ғәрезсизлик ҳәм нызам” газетасының бас редакторы П.Ҳәбийбуллаевлар шығып сөйлеп, айрықша итибары ушын басқарма басшыларына миннетдаршылық билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги