Өзбекстан Республикасы Олий Мәжлиси Сенатында Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери комитетиниң баслығы М.Қодирхонова Бирлескен Миллетлер Шөлкеми (БМШ) Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқары комиссары басқармасының Қыйнаўлардың алдын алыў ҳәм гендер зорлық мәселелери бойынша эксперти Д. Айтхожина менен ушырасыў өткерди.

Онда ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, қыйнаўлардың алдын алыў ҳәм гендер зорлыққа қарсы гүресиў тараўларында миллий нызамшылықты және де жетилистириў, изертлеўлер өткериў ҳәм бул бағдарда тийисли шөлкемлер ҳәм уйымлар менен сөйлесиўлер алып барыў мәселелери додаланды.

Гендер теңликти тәмийинлеў, ҳаял-қызлардың барлық бағдарламаларда ҳуқық ҳәм имканиятларын кеңейтиў бойынша Өзбекстан тәжирийбеси көплеп мәмлекетлерде қызығыўшылық оятып, үйренилип атырғанлығы айрықша атап өтилди.


Ушырасыў жуўмағында додаланған мәселелер бойынша тығыз бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша келисимге еристи.

                                                                                                             ӨзА