Президент Шавкат Мирзиёев 27-июнь күни Жиззақ ўәлаятына барып, ири санаат объектлери менен танысты, жаӊа жойбарларға старт берди.

Жиззақ ўәлаятындағы “BYD Uzbekistan Factory” биргеликтеги кәрханасында дәслепки автомобильлер ислеп шығарыла баслады. Мәмлекетимиз басшысы дәслеп усы инновациялық заводын келип көрди.

Бул мәмлекетимиз автосанаатында жаӊа басқыш, үлкен тарийхый ўақыя. Бул завод быйылғы жылы январьда мәмлекетимиз басшысыныӊ Қытайға сапары барысында жумыс баслаған еди. Бул баҳасы 160 миллион долларлық жойбардыӊ биринши басқышы болып, жылына 50 мыӊ дана автомобиль ислеп шығарыў қуўатлығына ийе.

Буныӊ ушын биргеликтеги кәрхана заманагөй санаат ифраструктурасы менен тәмийинленди. Шама менен 2 километр темир жол тартылды. Өндиристиӊ үзликсизлигин тәмийинлеў ушын комплектлеўши бөлеклер қоймаханасы, 1 мыӊ 200 контейнер сыйымлығына ийе логистика орайы қурылды.

Заводқа Қытайдан роботластырылған системалар ҳәм үскенелер алып келинип орнатылған. Өндирис процеси автоматластырылған. Электромобильдиӊ геометрикалық өлшемлерин жоқары анықлықта тексеретуғын лаборатория шөлкемлестирилген.

Президент бул имканиятларды көзден өткерди, қытайлы шериклер менен сәўбетлести.

Ҳәзирги ўақытта бул жерде Chazor ҳәм Song Plus Champion модельлери ислеп шығарылмақта. Шавкат Мирзиёев конвейерден шыққан биринши электромобильге қол қойды.

Усы жерде мәмлекетимиз басшысына өндиристи локализациялаў бойынша мәлимлеме берилди.

Келеси жыллары заводта модельлердиӊ қатарын кеӊейтиў режелестирилген. Баҳасы 300 миллион долларлық екинши басқышта электромобильлердиӊ санын жылына 200 мыӊ данаға, 500 миллион долларлық үшинши басқышта 500 мыӊ данаға шекем жеткериў нәзерде тутылған.

Режелер үлкен, жумыс усыған жараса жедел. Электромобильлердиӊ саны  көбейиўи менен локализациялаў дәрежеси де басқышпа-басқыш арттырып барылады. Бәринен бурын, бампер, айна, лак-бояў, пластикалық бөлеклерди өзимизде таярлаў жолға қойылады. Соӊ аккумулятор, электр двигатель, алюминий бөлеклер, шиналар, орынлықлар ислеп шығарыўға өтиледи.

Бул жаӊа тармақта бәсекиге шыдамлы болыў ушын инновациялық ҳәм жетик қәнигелер керек. Соныӊ ушын, билим ҳәм раўажланыўға қаратылған “R&D орайы”н  шөлкемлестириў, илим ҳәм инженерлик табысларын избе-из қолланып барыў зәрүрлиги атап өтилди. Локализациялаў жойбарлары арқалы өнимниӊ өзине түсер баҳасын түсириў илажлары додаланды. Перспективадағы мақсет – регион базарларына шығыў.

Бүгинги күнде кәрханада 1 мыӊ 200 адам жумыс ислейди. Өткен жылы 200 хызметкер “Uzautoмotors” заводларында маманлық арттырған. Быйыл және 92 қәниге Қытайдыӊ Сиан ҳәм Чанша қалаларында сапа қадағалаўы, технология, тәмийнат, үскенелерге техникалық хызмет көрсетиў сыяқлы бағдарларда маманлық арттырады. Барлық үш басқыш енгизилгеннен соӊ, жумыс орынлары 10 мыӊға жетеди.

Жиззақ ўәлаятына сапар шеӊберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев “BYD” компаниясыныӊ президенти Ван Чуаньфуды қабыллады.

Жиззақта гибрид ҳәм электр автомобильлер ислеп шығарыў бойынша биргеликтеги кәрхананыӊ табыслы жумысы үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Бүгин заводтан биринши электромобиль шықты.

Жойбардыӊ биринши басқышы шеӊберинде 160 миллион АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизилди, 1,2 мыӊ жумыс орны жаратылды. Кәрханада кепсерлеў, бояў ҳәм жыйнаў процесслерин өз ишине алған жоқары технологиялы өндирис шөлкемлестирилген.

Ушырасыўда Президентимиз жақын перспективада модельлердиӊ қатарын кеӊейтиў ҳәм өндирис қуўатлығын жылына 500 мыӊға жеткериў зәрүрлигин атап өтти.

Комплектлеўши ҳәм аўысық бөлеклерди локализациялаў, өнимниӊ өзине түсер баҳасын кемейтиў ҳәм автомобильлерди Орайлық Азия ҳәм ҒМДА базарларына экспорт етиў жойбарларына айрықша итибар қаратылды.

Компанияныӊ мәмлекетимизде “жасыл” транспортты раўажландырыў жойбарында қатнасыў режелери де қоллап-қуўатланды. Бул биргеликтеги инновациялық изертлеў орайын шөлкемлестириў, кадрлар таярлаў, электр транспорты ушын техникалық регламент ҳәм стандартларды ислеп шығыў ҳәм “Blade” әўладына тийисли батареялар ҳәм “BYD” электробусларын ислеп шығарыўды өз ишине алады.

Мәмлекетимиздиӊ барлық аймақларында экономика ушын оғада зәрүр болған кәрханалар қурылмақта. Бул жаӊа жумыс орынларыныӊ ашылыўы, санаат тармақларыныӊ раўажланыўы, нәтийжеде, халқымыз абаданлығыныӊ артыўына хызмет етпекте.

Атап айтқанда, Жиззақ ўәлаятында соӊғы бес жылда қайта ислеў санаатыныӊ көлеми 1,6 есеге көбейип, өткен жылдыӊ өзинде 19 триллион сумды қураған. Экспорттыӊ көлеми 2,2 есеге көбейип, 202 миллион долларға жеткен.

Сырт ел инвестицияларыныӊ муғдары да жыл сайын өсип бармақта. 2018-жылы ўәлаятта тек ғана 18 миллион доллар сырт ел инвестициялары өзлестирилген болса, өткен жылы бул сан дерлик 700 миллион долларға жеткен. Сырт ел капиталы қатнасыўындағы кәрханалардыӊ саны 260 ты қурамақта.

Онда ҳәр бир районныӊ өз орны бар. Атап айтқанда, Замин районында инвестициялық бағдарламалар шеӊберинде соӊғы бес жылда 1,8 триллион сумлық 300 ге шамалас жойбар әмелге асырылған ҳәм үш мыӊнан аслам жумыс орны жаратылған. Қолайлы бизнес орталығы себепли райондағы киши исбилерменлик субъектлериниӊ саны 4 есеге көбейген.

Замин районыныӊ гөззал тәбиятына тийкарланып туризм тараўы оныӊ “драйвери” не айландырылмақта. Бундай хызметлерди көбейтиў мақсетинде жақында Замин туристлик зонасы шөлкемлестирилди.

Булар менен шекленип қалмастан, Заминде санаатты раўажландырыўға кирисилген. Себеби, аймақ буныӊ ушын оғада қолайлы. Район мәмлекетимиздиӊ орайлық бөлегинде жайласқан. Бул жерден темир жоле өткен. Жақында Замин аэропорты кеӊейтилип, реконструкцияланды.

Енди районда Қытайдыӊ “Мингюан” компаниясы менен биргеликте “Технопарк” арнаўлы санаат зонасы қурылмақта. Буныӊ ушын 400 гектар жер майданы ажыратылған. Оны инфраструктура менен тәмийинлеў бойынша мәнзилли бағдарлама тастыйықланып, 160 миллиард сум қаржы қаратылды.

Бул бағдардағы әмелий жумыслар алдынырақ басланған болып, 30 дан аслам жойбарлар қәлиплестирилген. Оларға қытайлы инвесторлар тәрепинен 1,2 миллиард доллар инвестиция қаратылады.

Бул зонада сыртқы базарларда талап жоқары болған қосымша қунлы өнимлерди шығаратуғын кәрханалар шөлкемлестириледи. Атап айтқанда, электротехника, машина қурылысы, қурылыс материаллары, мебель қурылысы, азық-аўқат ҳәм хызмет көрсетиў бағдарындағы жойбарлар әмелге асырылады.

Нәтийжеде 5 мыӊнан артық жумыс орынлары пайда болады, 4,7 триллион сумлық санаат өнимлери ислеп шығарылады ҳәм 70 миллион долларлық экспорт потенциалы жаратылады.

Технопарк аймағында Халықаралық тәжирийбе алмасыў инженерлик орайы шөлкемлестирилип, санаат кәрханалары ушын усы жердиӊ өзинде маман қәнигелер таярлаў жолға қойылады.

Сондай-ақ, бул аймақта офис орайы, турақ жай, экобағ, көргизбелер залы ҳәм саўда орайы қурылады.

Мәресимде мәмлекетимиз басшысы символикалық түймени басып, технопарктеги дәслепки инвестициялық жойбарлардыӊ қурылысын баслап берди.

Президентимиз бул заманагөй жойбарлардыӊ әмелге асырылыўында исбилерменлерге табыслар тиледи.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Икром АВВАЛБОЕВ,

Абдужалол ҚАЮМОВ,

ӨзА хабаршылары