30 июнь-Жаслар күни мүнәсибети менен  O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ҳәм Жазыўшылар аўқамы менен биргеликте “Ветеранлардың тәжирийбеси жасларға өрнек” сүрени астында “Үш әўлад ушырасыўы” болып өтти.

Онда жазыўшы, шайыр, журналистлер, студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыўды өткериўден тийкарғы мақсет, жаслардың дөретиўшикке болған қызығыўшылығын арттырыў, устазлардың басып өткен өмир жолларын өрнек етип көрсетиў, Ӯатанға болған сүйиспеншилигин арттырыў, көбирек китап оқыўға тартыў болып табылады. Илажда сөзге шыққан ветеранлар өзлериниң дөретиўшилик жолы, бүгинги күни мәмлекетимизде жасларға жаратылған шараятларға тоқталды.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басламасы менен жас әўладты тәрбиялаўда “Устаз-шәкирт” дәстүрине әмел етиў, устазларды улығлаў, олардың тәжирийбесинен нәтийжели пайдаланыў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта. Инсан қәдири улығланған журтта бундай ушырасыўлар жасларды  мәмлекетимиздиң айдын келешегине жуўапкер болыўға шақырады. Дөретиўшилик жумысларға тамашагөй сыпатында емес, ал оған үлес қосыў сезими менен жасаў жасларымыздың әдиўли миннети болып табылады.

–Жоқары кейпият, нуранийлар менен болған қызықлы пикирлесиўлер жасларға көп нәрсе береди, –  дейди жас дөретиўшилерден бири Аллаяр Дарменов. – Бундай ушырасыўлар әдебиятқа меҳир қойған жасларға өз дөретиўшилиги үстинде көбирек ислеўге күш-қуўат бағышлайды.

Ушырасыўда белгили жазыўшы-шайырлар менен бирге жаслар өзлериниң дөретиўшилигинен үзиндилер оқыды.  Устазларға O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси атынан естелик саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги