Исбилерменлик субъектлери ушын бажыхана нызамшылығында жаратылып атырған имканият ҳәм жеңилликлерди үгит-нәсиятлаў шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы  басшылары төрткүлли исбилерменлер менен ушырасты.

Онда “Экспорт 3 қәдемде” системасының абзаллықлары, “бажыхана аймағында қайта ислеў” бажыхана режиминен пайдаланыў қолайлықлары түсиндирилип, исбилерменлердиң машқалалары ҳәр тәреплеме үйренилди. Атап айтқанда райондағы исбилерменлик субъектлериниң жумыслары менен танысыў барысында жуўапкерлер шийше ислеп шығарыў менен шуғылланатуғын  “TO‘RTKO‘L SHISHA IDISHLARI” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде болып, кәрхананың екинши басқышта режелестирилген инвестиция жойбарында әмелге асырылатуғын жумыслары менен танысты.

Жыл басынан берли 272,6 мың АҚШ доллары муғдарындағы шийше ыдыслары экспортын әмелге асырған исбилерменлик субъектинде  5 миллион АҚШ долларлық сырт ел инвестициялық жойбары иске түсирилсе, жаңадан 70  жумыс орнының ашылыўы режелестирилген. Бүгинги күни жойбар шеңберинде Қытай мәмлекетинен  жаңа үскенелерди алып келиў илажлары көрилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги