Бүгинги күни республикамызда турақлы жумыс алып барып атырған ғалаба хабар қураллары арасында исенимли, анық оператив хабар ҳәм шолыўлары менен өзиниң салмақлы орнына ийе Қарақалпақстан хабар агентлиги ҳәзиргидей дәрежеге жетисиўи ушын республикамыз ҳүкимети ҳәм халқына 70 жыл даўамында пидайылық пенен хызмет етти.

Тарийхый мағлыўматларға қарағанда, екинши жер жүзилик урыс тамамланғаннан соң елимизде жүз берип атырған ўақыя ҳәм жаңалықларды кең жәмийетшиликке таныстырыў ушын ТАСС тың хабарларын миллий тиллерге аўдарыў зәрүрлиги пайда болды ҳәм 1954-жылдың 22-июнь күни Өзбекстан ССР Министрлер Советиниң 772-қарары тийкарында, «Қызыл Қарақалпақстан» ҳәм басқа да басылымларда жәрияланатуғын ТАСС ҳәм басқа да рәсмий материаллардың қарақалпақ тилиндеги бирден-бир ҳәм анық аўдарма текстлерине болған зәрүрликке байланыслы, соның менен бирге, жергиликли газета ҳәм Қарақалпақстан АССР Мәденият министрлигине қараслы Радиоинформация комитетин ТАССтың хабарлары менен өз ўақтында тәмийинлеў мақсетинде, Нөкис қаласында ӨзТАГ тың (ҳәзирги ӨзА)ның Қарақалпақстан бөлими шөлкемлестирилди.

Оған  ӨзТАГ тың 1954-жыл 9-июльдеги буйрығы тийкарында, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға мийнети сиңген мәденият хызметкери,  белгили жазыўшы Асан Бегимов баслық етип бекитиледи.

Бөлим өзиниң жумысын баслағаннан соң бул жерге Александр Афанасьевич Волков, Сейткамал Бекназаров, Лев Борисович Фрейман, Қасым Көптилеўов ҳәм Рустем Қасымовлар редактор, Хаким Хабирович Ишкулов, Рахим Мажитовлар аўдармашы,Қәллибек Бегжанов, Сапарбай Салиевлер корректор, Раиса Макаровна Погребнуя, Любов Яковлевна Лебель, Ф.И. Черкасовлар радиоқабыллаўшы станцияның радистлери , А.К. Маргонова радиотехник, Бийби Бекназарова, Марқа Кожурова, Нина Степановна Аникиенко, Л.Н.Тарасовалар машинистка, Турсынгүл Халилаева ҳәм Мырзабийке Қулымбетовалар хабар узатыўшы ўазыйпаларына жумысқа қабылланады.

Дәслепки жыллары ТАССтың хабарлары бөлимде радио арқалы қабыл етип алынған. Ал, әҳмийетли рәсмий хабарлар телеграмма түринде келип түсетуғын болған. Бул оғада машақатлы ҳәм көп мийнетти талап ететуғын жумыс болып, әсиресе, телеграмма түриндеги үлкен көлемдеги материалларды аўдарыў аңсатлыққа түспейтуғын, онда қәтелердиң кетип қалыўы да мүмкин еди.

Соңынан техникалық прогресстиң раўажланыўы менен материалларды автомат түрде өзи қабыл етип алатуғын телетайп аппараты пайда болды. Усы заманагөй үскене менен ислесиў ушын бөлимге байланыс бойынша жетик қәниге зәрүр еди ҳәм бул жаңа штатқа Ташкент темир жол техникумының байланыс бөлимин жақында ғана питкерип келген жас қәниге Бердибай Қәлимбетов жумысқа қабылланды.

-1937-жылы Тахтакөпирде туўылып, райондағы мектептиң орыс класында 8 жыл, соңынан мектептеги класымыз жабылып қалғаны ушын Шымбай қаласындағы бурынғы Ворошилов атындағы мектепте еки жыл оқып тәлим алдым,-дейди Бердибай аға өзиниң өткен өмир жолларын еске алып.-Мектепти питкергеннен соң Ташкент ирригация ҳәм аўылхожалығын механизациялаў инженерлери институтының Гидротехника қурылысы факультетине оқыўға кириў ушын имтихан тапсырып, оған жетерли балл топлай алмадым. Сонда маған ҳүжжеттти қабыллап отырғанлар «сизиң балыңыз ЗИМге жетеди ҳәм сиз жер қурылысы инженерлери факультетине оқыўға қабылландыңыз» деп бизди жубатып жиберди. Бирақ, мандат шыққанда кирген студентлер дизиминде өзимниң атымды таба алмадым. Соңынан бул бойынша мен институттың қабыллаў комиссиясына, республикамыздың Ташкенттеги ўәкилханасына мүрәжат еттим. Сол ўақытта Қарақалпақстаннан бекитилген ўәкил мийнет дем алысына шығып кеткен екен. Сонлықтан бизиң мәселемиз тереңнен үйренилмей қалды. Сол жылы  Ташкентте темир жол техникумы ашылып, институттан жығылғанлар қатарында мен де сол техникумға оқыўға қабылландым ҳәм 1960-жылы усы оқыў орнын байланысшы-инженер қәнигелиги бойынша  питкерип шықтым. Ташкент қаласындағы оқыў орнын питкерип келген ол Нөкиске келгеннен кейин дәслеп Досмырза аға Назарбековтың мирәт етиўине бола, «Жас ленинши» ҳәзирги «Қарақалпақстан жаслары» газетасына жумысқа шақырылып, ол жерге ретушлаўшы художник болып жумысқа орналасады. Бул жумыста 1-2 ай ислегеннен соң, ҳәзирги  Қарақалпақстан хабар агентлигинде инженер-байланысшы штаты ашылып, сол жерге жумысқа қабылланады.

-Москвадағы ТАСС ҳәм Ташкенттеги ӨзТАГтан жиберилген материаллар телетайп арқалы саат 7:00ден 21:00ге шекем өз ўақтында қәтесиз қабыл етип алынып турылды,-дейди Бердибай аға.- Оператив информациялар ҳәм рәсмий хабарлар бөлимде сутканың қәлеген ўақтында қабылланып, сол заматтың өзинде аўдармашылар тәрепинен қарақалпақ тилине аўдарылып редакцияларға жеткерилип турылды.

Әлбетте, бул исте аўдармашылар әҳмийетли роль атқарды. Бөлим шөлкемлестирилген дәслепки жылларда Рахим Мажитов пенен Ҳәким Хабирович Ишқуловлар аўдармашы болып жумыс ислеген болса, соңын ала Жамал аға Хошетеров  рус тилиндеги материалларды қарақалпақ тилине аўдарыўда көп мийнет сиңирди. Қарақалпақстанда аўдарманы раўажландырыўға ҳәм бул тараўда шәкирт таярлаўға айтарлықтай үлес қосты.

Солардың арасында мен де мектеп, техникум ҳәм соңын ала институтта орыс тилинде оқығанлықтан аўдармашылар жетиспей атырған ўақытлары, русша текстлерди қарақалпақ тилине аўдарыўға жәрдемлесип, гонорар алатуғын едим,-дейди Бердибай аға сол жылларды ядқа түсирип.- Әсиресе, партия съездлери, КПСС Орайлық Комитети менен Өзбекстан Компартиясы Орайлық Комитети Пленумлары ҳәм СССР және Өзбекстан ССР Жоқарғы Советлери сессияларының материаллары үлкен көлемде болып келип түскен ўақытта, бөлим хызметкерлери үлгере алмағанлықтан шеттеги аўдармашылар тартылатуғын болған. Олардың арасында Рустем Қасымов, Меңлибек Абдиреймов, Әжибай Муртазаевлар аўдарма ислерине белсене қатнасты.

-Бөлимдеги мениң тийкарғы ўазыйпам телетайп арқалы текстлердиң дурыс ҳәм қәтесиз келиўин тәмийинлеў, телетайп үскенесиниң техникалық сазлығын тексерип барыў болды,-дейди Бердибай аға.-1964-жылы өндиристен қол үзбестен Ташкент электротехника байланыс институтына оқыўға кирип, оны 1970-жылы табыслы тамамладым. Соның менен бирге, 2007-жылға шекем Қарақалпақстан телерадиоеситтириўлер комитетинде жазыў машинкаларын оңлаўшы механик болып жумыс иследим. Усы жыллар ишинде, мен көплеген басшылар менен бирге ислестим. Атап айтқанда, Сейткамал аға Бекназаров, Махмуд аға Идирисовлардың салдаманлы, жипектей әлпайым минезлерин, Генжебай Тилеўбергенов, Ғайбулла Ерниязов, Елмурат Байназаров, Өтебай Нурпейисов, Генжебай Тилеўовтай инсанлардың искерлигин ҳеш қашан умытпайман. 2003-жылы усы жәмәәттен ҳүрметли мийнет дем алысына шықтым.

Усы жыллар аралығында, ол усы бөлимде ислеўши Тазагүл апа Ибрагимова менен бирге турмыс қурып, 4 ул, 6 қызды тәрбиялап камалға келтирди.  Оның усы тараўда ислеген пидәкерлик мийнетлери инабатқа алынып, «Қарақалпақстанға мийнети сиңген байланысшы» ҳүрметли атағы менен сыйлықланды.

-Бүгингидей парахат ҳәм абадан заманда қостарым менен бирге жасап атырғаныма қудайға шүкирлик етемен,-дейди Бердибай аға өз сөзин даўам етип.- Әсиресе, жасларымыз ушын қандай жақсы дәўир. Елимизде оларға қай жерге барып оқыйман десе де  барлық имканиятлар жаратылған. Бундай мүмкиншиликтен жасларымыз нәтийжели пайдаланыўы керек деп ойлайман.

Пурсаттан пайдаланып, барлық кәсиплеслеримизди 27-июнь-Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни байрамы менен шын кеўилден қутлықлайман ҳәм олардың дөретиўшилик ислерине табыслар тилеймен.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы