Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң «Климаттың өзгериўине турақлы агроэкосистеманы жаратыў ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўшилердиң климат өзгериўине байланыслы қәўип-қәтерлерге бейимлесиўин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық «Ҳәр бир пуқара ушын – бир терек» таңлаўы шөлкемлестириледи.

Мәлим етилиўинше, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў шеңберинде тараўдың климат өзгериўине бейимлесиўи ҳәм оның климатқа унамсыз тәсирин жумсартыў, қурғақшылық ҳәм жерлер деградациясына қарсы гүресиў, жайлаўлардың көптүрлилигин сақлаў (қайта тиклеў), жаңа инновациялық технологияларды ислеп шығыў ҳәм тараўға кеңнен енгизиў бойынша әмелге асырылатуғын илажларға Аўыл хожалығы министрлиги жуўапкер етип белгиленген.

Қарарға муўапық, аўыл хожалығын климат өзгериўине бейимлестириў ҳәм тараўдың климатқа унамсыз тәсирин жумсартыў бойынша миллий бағдарлама (Миллий бағдарлама) да тастыйықланды. Сондай-ақ, климат өзгериўине байланыслы болған аймақларда әмелге асырылып атырған илажларды нәтийжели шөлкемлестириў Миллий бағдарламаның тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында белгиленеди.

Сондай-ақ, «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбарын әмелге асырыў ҳәм қорғаў тоғайларын жаратыў шеңберинде шөл, таўлы ҳәм таў алды аймақларында шөллениў ҳәм қумның көшиўи, топырақтың суў ҳәм самал эрозиясының алдын алыў ҳәм экологиялық орталықты жақсылаў мақсетинде қорғаў тоғайлары жаратылады. Қосымша етилиўинше, атыз шетлери, жайлаўлар ҳәм ашық жер майданларын мәдений егинлер, путалар, галофитлер ҳәм шөл өсимликлери менен қаплаўдың пайдалы тәреплери ҳаққында интакерлерге көргизбели семинарлар шөлкемлестириледи.

2024-жылдың ақырына шекем аўыл хожалығында климат өзгериўлерин мониторинг етиў, есабатын жүргизиў ҳәм тастыйықлаў глобаллық система шеңберинде миллий платформа енгизиледи. Соның менен бирге, «Ҳәр бир пуқара ушын – бир терек» принципи тийкарында таңлаў шөлкемлестириледи ҳәм оны республикада ғалаба ен жайдырыў илажлары көриледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги