30-июнь Жаслар күни алдынан «Жаңа Өзбекстан жаслары бирлесейик!» сүрени астында орынларда бир қатар илажлар өткерилмекте.

Усы мүнәсибет пенен Тақыятас районында «Жаңа Өзбекстанның жаңа шаңарағы» атамасында таңлаў болып өтти. Онда райондағы 14 мәҳәлледен жас шаңарақлар қатнасты.

Таңлаў еки күн даўам етип,  қатнасыўшылар дәслеп спорттағы шаққанлығы ҳәм епшиллигин сынап көрди. «Шаңарағым мениң мақтанышым» атамасындағы шәртте жас шаңарақлар өзлериниң шаңарақларын қосық қатарлары, видеоролик ҳәм фотоальбомлар арқалы таныстырды. Оннан соңғы шәрт «Талантлы шаңарақ» деп аталып, миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлер сәўлелендирилген ҳалда сахна көринислерин қойып берди. Сондай-ақ, қатнасыўшылардың аспазлық бойынша шеберлиги де төрешилер нәзеринде сыннан өткерилди.


Таңлаў жуўмағы бойынша анықланған жеңимпаз шаңарақлар районда жаслар ушын шөлкемлестирилген концерт бағдарламасында мүнәсип хошаметленди.

Бул таңлаўды өткериўден тийкарғы мақсет, жас шаңарақларды турмысқа таярлаў, олардың арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў болып есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги