Өзбекстан «Адолат» социал демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси мәжилислер залында 27-июнь-Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күнине арналған ушырасыў кешеси болып өтти.

Ушырасыўда Өзбекстан «Адолат» СДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы Н.Қайыпбергенов сөзге шығып, Республикамызда жумыс алып барып атырған бир қатар ғалаба хабар қураллары  хызметкерлерин кәсиплик байрамы менен қутлықлап, халқымызға жаңалықларды жеткериўде күш-ғайрат ҳәм жумысларында дөретиўшилик табыслар тиледи.

Партияның жумысын ашық айдын сәўлелендириў, алып барып атырған идеологиясын кеңнен ен жайдырыў жолында пидайылық пенен бирге ислесип атырған бир қатар ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине миннетдаршылық билдирилип, байрам саўғалары тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги