Усы жылдың 22-июнь күни Нөкис қаласындағы Жаслар орайында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф. Эрмановтың белсенди жаслар менен ушырасыўы болып өтти.

“Басшы ҳәм жаслар” атамасында, ашық сәўбетлесиў түринде болып өткен ушырасыўда бир қатар жаслар өзлериниң пикир-усыныслары менен қатнасыў бахтына миясар болды.

Атап айтқанда, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының студенти Алфия Амангелдиева Қарақалпақстан Республикасындағы қала ҳәм район ҳәкимлерин жасларға жолбасшы және үлги етип көрсетиў мақсетинде олардың қатнасыўында “Министрлер Кеңеси Баслығының кубоги” интеллектуаллық ойынын шөлкемлестириў усынысын билдирди.

Бул усыныс Министрлер Кеңеси Баслығы тәрепинен қоллап-қуўатланып, алдағы ўақытларда жолға қойыў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.

–Министрлер Кеңеси Баслығы менен ушырасыў биз жасларда айрықша тәсир қалдырды, –  дейди Нөкис қаласындағы 33-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы, “Ең үлгили Сәрдарлар Кеңеси” таңлаўы Өзбекстан басқышының жеңимпазы  Гүлбәҳәр Юсупбекова.– Сәрдарлардың жумысын жанландырыў, олардың интеллектуаллық потенциалын раўажландырыў, жаңа оқыў жылына таярлық көриў мақсетинде қала ҳәм район сәрдарларының қатнасыўында Мойнақ районындағы “Ақ кеме” саўалландырыў орайында оқыў-семинарын өткериў усынысын билдирдим.





Ушырасыўда жаслар тәрепинен билдирилген бир қатар усыныслар Министрлер Кеңеси Баслығы тәрепинен қоллап-қуўатланып, алдағы ўақытларда оларды әмелге асырыў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги