Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы тәрепинен баҳаланған Исбилерменлик белсендилиги индекси быйылғы жылы май айында 1022 бирликти қурап, апрель айына салыстырғанда орташа 2,2 процентке көбейген. Соныӊ менен бирге, Исбилерменлик жеделлиги индекси өткен жылдыӊ сәйкес дәўирине салыстырғанда 7 процентлик өсиў бақланды.

Исбилерменлик белсендилиги индекси төртинши ай избе-из өспекте. Өсиў төмендеги компонентлер дәрежесиндеги өзгерислерге байланыслы болған.

Атап айтқанда, хожалық жүргизиўши субъектлердиӊ банк есап-бетлериндеги операцияларыныӊ саны 5,6 процентке көбейген. Жумыс алып барып атырған хожалық жүргизиўши субъектлер бойынша компонент 3,7 процентке азайған. Товар-шийки зат биржасында шийки зат сатып алыў жеделлиги 0,5 процентке көбейген. Товар белгилери бойынша компонент 29,8 процентке көбейген.

Аймақлар кесиминде Ташкент қаласында еӊ жоқары өсиў пәти белгиленген.

Быйылғы жылдыӊ май айында Исбилерменлик жеделлиги индекси 8 аймақта өткен айға (апрель) салыстырғанда өсиў бақланды. Ташкент қаласы (52,8%), Наўайы (44,2%), Самарқанд (7,2%), Бухара (6,1%) ўәлаятлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасында (8,1%) сезилерли дәрежеде өсиў бақланған.

Соныӊ менен бирге, усы индекс 6 аймақта төменлеген. Атап айтқанда, Жиззақ (-10,0%), Сурххандәрья (-6,7%) ҳәм Хорезм (-6,7%) ўәлаятларында сезилерди дәрежеде төменлеў бақланған.

Ш.Маматуропова, ӨзА