Өзбекстан миллий кино көркем өнери сарайында «Жипек жолы дүрданасы» XVI Ташкент халықаралық кинофестивалина таярлық процесслери бойынша мәжилис өткерилди.

Күн тәртибинде дәслеп XVI Ташкент халықаралық кинофестивалы жумысына байланыслы арнаўлы штаб дүзиў ҳәм жумысшы топарлардың хызметин жолға қойыў, соның менен бир қатарда, фестивальдың ашылыў ҳәм жабылыў мәресими ҳәм басқа илажлар өткерилетуғын объектлерди белгилеў, бағдарламалар ислеп шығыў, кинофестивальда қатнасатуғын сырт еллер менен сөйлесиўлер алып барыў, белгили сырт елли кинодөретиўшилерди фестивальға мирәт етиў сыяқлы бир қатар мәселелер көрип шығылды.

Мәжилисте, сондай-ақ, кинофестивальдың ашылыў ҳәм жабылыў мәресимлери сценарийи ҳәм бағдарламасын таярлаў, объектлерде қәўипсизликти тәмийинлеў,тәртип орнатыўға қаратылған усыныслар таярлаў ҳәм  қәўипсизликке жуўап беретуғын хызметкерлердиң дислокациялары, маршрутлары ҳәм жумыс ўақытын белгилеў сыяқлы мәселелер де ҳәр тәреплеме додаланды.

Кинофестиваль шөлкемлестириўшилериниң усынысы менен усы жылы Ташкент халықаралық кинофестивалын сентьябр айының ортасында өткериў режелестирилмекте.

ӨзА