Ташкентте Өзбекстан – Япония азық-аўқат санаатын раўажландырыў форумы болып өтти.

Япония Аўыл, тоғай ҳәм балықшылық министрлиги тәрепинен ҳәм Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда еки тәреп ҳүкимети жуўапкерлери, исбилермен топар ўәкиллери, тараў қәнигелери қатнасты.

Онда Япония Аўыл, тоғай ҳәм балықшылық министрлиги экспорт ҳәм халқаралық бюросыныӊ директоры Мизуно Масаёши, Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министриниӊ орынбасары ў.а Шоҳрух Ғуломов ҳәм басқалар еки мәмлекет арасындағы байланыслардыӊ беккемлениўи барлық тараўлар қатарында аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат санаатыныӊ раўажланыўында үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

2015-жылдан баслап Япония ҳәм Өзбекстан аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат тараўларындағы байланысларды кеӊейтиўди мақсет еткен ҳәм еки мәмлекет арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў бойынша өз-ара келисим меморандумына қол қойылғанын айтып өтиў керек.

– Бул форум шеӊберинде япониялы қәнигелер Бухарада болды, – деди Мизуно Масаёши. – Өзим болса Ташкент қаласындағы базарларды айланып шықтым. Өзбек халқы оғада мийнеткеш, сыпайы ҳәм миймандос екенинен қуўанышлы болдым. Бүгинги форум тараўды раўажландырыўда әҳмийетли қәдем болып, онда өзбек ҳәм япон исбилерменлери өз-ара сөйлеседи. Илажда бир қатар Японияныӊ усы бағдардағы ислеп шығарыўшылары өз презентациясын өткерди. Қатнасыўшылар илаждан үлкен пайда алатуғынына үмит етемиз. Форумды шөлкемлестириўде өзиниӊ үлесин қосқан Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниӊ басшылығына өз миннетдаршылығымды билдиремен.

Атап өтилгениндей, Өзбекстанда аўыл хожалығы секторы жедел пәтлерде раўажланбақта. 2023-жылы бул тараў жалпы ишки өнимниӊ 24,3 процентин қурады. Статистика агентлигиниӊ мағлыўматларына бола, 2023-жылы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў 4,1 процентке, тоғайшылық 2,7 процент, балықшылық 7,4 процентке өскен. Бул 2022-жылы сәйкес түрде 3,6 процент, 2,7 процент ҳәм 1,7 процент өсиў пәтлери менен салыстырылады.

Сондай-ақ, аўыл хожалығы Японияныӊ улыўма экономикалық өниминиӊ киши бөлегин қурасада, мәмлекет жоқары раўажланған аўыл хожалығы, азық-аўқат секторына ийе. Мәмлекет аймағыныӊ тек ғана 20 проценти дийқаншылық ушын жарамлы екенин есапқа алсақ, Япония аўыл хожалығыныӊ өнимдарлығын, соныӊ менен бирге, нәтийжелилик ҳәм турақлылықты арттырыў ушын дүньяда жетекши технологиялар ҳәм жетистириў техникасын ислеп шықты. Япония компанияларыныӊ алдынғы тәжирийбеси, «ноу-хау»лары ҳәм жаӊа перспективалары көрсетиледи.

Форумда Япония ҳүкимети ҳәм бизнес ўәкиллери япон аўыл хожалығы технологиялары ҳәм алдынғы тәжирийбесин таныстырды. Буннан гөзлеген мақсет болса усы технологияларды Өзбекстанда енгизиў имканиятларын додалаў ҳәм өзбек фермерлери ушын жоқары сапалы, инновациялық туқымлық өнимлерин жеткерип бериўге қаратылған.

Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги Статистикалық таллаў ҳәм прогнозлаў бөлими баслығы Жавлонбек Холов «Өзбекстан Республикасы аўыл хожалығы тармақларын раўажландырыў перспективалары» темасында презентация иследи.

– Мәмлекетимизде аграр секторды раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Соныӊ менен бирге, азық-аўқат санаатыныӊ раўажланыўы жолында да бир қатар ўазыйпалар белгиленген. Халық саныныӊ өсип барыўы аўыл хожалығы тараўында реформаларды талап етеди. Бүгин өткерилген форум өзбек ҳәм япон қәнигелери, исбилерменлери арасында бирге ислесиўди ҳәр тәреплеме беккемлеўде әҳмийетли қарым-қатнас майданы болып хызмет етти. Тәреплер өз-ара сәўбет барысында мәмлекет аўыл хожалығы әмелиятында, атап айтқанда, суў хожалығы ҳәм органикалық аўыл хожалығын раўажландырыў бойынша соӊғы табысларды айрықша атап өтти, – деди Ж.Холов.

Форум шеӊберинде япон аспазлық көргизбеси шөлкемлестирилди. Онда Япон асханасы қәнигелери гүриш сортларынан таярланған япон тағамлары, жоқары сапалы балық өнимлери, япон шайыныӊ дүньяға белгили сортлары ҳәм кондитер өнимлерин таныстырды.

Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,

ӨзА хабаршысы