Россияның Қазан қаласында VI БРИКС спорт ойынлары өз жуўмағына жетти.
13-24-июнь күнлери аралығында болып өткен кескин жарыслар жуўмағында, Өзбекстан Республикасы делегациясы ағзалары 17 алтын, 39 гүмис ҳәм 58 қола медалы менен улыўма командалық есапта Россия, Беларус ҳәм Қытай сайланды командаларынан соң төртинши орынды ийелеўге миясар болды.
Соны айрықша айтып өтиўимиз керек, қолға киргизилген бул табысқа бизиң республикамыз спортшылары да өзлериниң салмақлы үлесин қосты.
Атап айтқанда, спорттың қылышласыў түринен қатнасқан Зайнаб Дайыбекова ҳәм Гүлистан Пердебаевалар гүмис, Муса Айтмуратов қола, самбо бойынша Индира Елмуратова -80 кг салмақта, ҳаял-қызлар гүреси бойынша Дилфуза Айымбетова -59 кг салмақта қола медалларын жеңип алыўға миясар болды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы