Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиӊ мирәт етиўине бола болып турған Монголия Президенти Ухнаагийн Хурэлсух 25-июнь күни Хорезм ўәлаятына жөнеп кетти.

Ташкент халықаралық аэропортында Монголия басшысы ҳәм оныӊ өмирлик жолдасын Өзбекстан Республикасы Бас министриниӊ орынбасары Жамшид Хўжаев ҳәм басқа рәсмийлер шығарып салды.

Сапар бағдарламасына бола, жоқары мәртебели мийман Хийўа қаласындағы тарийхый имаратлар, халқымыздыӊ бай мәдений мийрасы менен танысады.

И.АВВАЛБОЕВ,  

Н.ҲАЙДАРОВ(сүўрет),

ӨзА