Өзбекстан Республикасы Президенти Aдминистрациясының басламасы менен бәнт болмаған халықтың ҳәм кем тәмийинленген шаңарақлардың мийнетке жарамлы ағзалары ушын Төрткүл районында гезектеги бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы болып өтти.

2024-жыл “Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы” ҳәм Жаслар айлығы мүнәсибети менен өткерилген илажда сөзге шыққанлар Президентимиздиң басламасы менен Қарақалпақстан Республикасы ушын қабыл етилген пәрман ҳәм қарарлардың орынланыўы нәтийжесинде жүз берип атырған унамлы өзгерислерге тоқтап өтип, жумыссыз пуқараларды райондағы кәрхана ҳәм шөлкемлердеги бос жумыс орынларына орналасыўы ушын жаратылған шараятларды атап өтти.

Ярмаркада жумыссыз пуқаралар кәрхана ҳәм мәкемелердеги бос жумыс орынлары менен танысып, 13 пуқара жумысқа орналасыўға жоллама алды.Сондай-ақ бәнтлик хызметлеринен де пайдаланды. Соның менен бирге, қатнасыўшылар жеке сектордағы бос жумыс орынлары ҳәм өнерментлер тәрепинен таярланған өнимлер менен танысты. Өз исбилерменлигин баслаўы ушын  керекли усыныснамаларға ийе болды.

Илаж шеңберинде “Устаз-шәкирт” дәстүри тийкарында шеберлик сырларын үйренген ҳәм “Dinur-Jobs” оқыў орайын питкерген жасларға сертификатлар тапсырылды Сондай-ақ, халықты исбилерменликке тартыў қорының қаржылары есабынан 3 жумыссыз пуқараға газ плитасы, биреўине компютер комплекти ҳәм бес пуқараға тигиў машинасы тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги