Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы басшылары Нөкис “Мүриўбет” майыплығы болған шахслар ушын ҳаял-қызлар ҳәм Шымбай “Мүриўбет” майыплығы болған шахслар ушын ерлер интернат үйлеринде болып, оларға жаратылған шараятлар бойынша үйрениў жумысларын алып барды.

Жуўапкерлер бул жерде жасаўшылар тәрепинен исленген ҳақыйқый қол мийнетин тамашалап, олардың келешектеги сатылыўы бойынша  усыныслар билдирилди.  Атап айтқанда, бул қол мийнети үлгилерин “Бажыхана сервис” мәмлекетлик мәкемесинде сатылыўын жолға қойыў ҳәм саўда ярмаркаларын шөлкемлестириў илажлары көрилетуғын болды.

Басқарма баслығы тәрепинен жуўапкер хызметкерлерге Шымбай “Мүриўбет” майыплығы болған шахслар ушын ерлер интернат үйи имаратында ҳәм имарат әтирапындағы қорғанның зәрүр жерлеринде оңлаў жумысларын алып барыў бойынша тийисли көрсетпе берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги