Бираз ўақытлардан берли автокөлик басқарыўшыларына машқала туўдырып киятырған, Нөкис районындағы Қырантаў аўылына алып барыўшы автомобил жолындағы авариялық көпирде оңлаў жумыслары басланды.

4н-111 автомобил жолының 4,8 км бөлегиндеги (34,7 пм) авариялық көпиринде Тақыятас районы жоллардан пайдаланыў мәмлекетлик шөлкеми тәрепинен оңлаў жумыслары алып барылмақта.


Бул оңлаў жумысларын әмелге асырыў үшын күнделикли оңлаў жумысларына ажыратылған қаржылар есабынан 396 млн.сум қаратылып,  оңлаў жумыслары даўамында автотранспортлар қәўипсиз ҳәрекетин тәмийинлеў мақсетинде айланба жол шөлкемлестирилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги