Әйне пайытта республикамызда халқымыздың ырысқы-несийбеси болған ғәллени жыйнап алыў ислери қызғын даўам етпекте.

Нөкис районындағы фермер хожалықларында да ғәллени сепситпей жыйнап алыў жумыслары алып барылмақта. Ҳәзирги ўақытта районда ғәлле орым-жыйыны мәўсимине 16 отряд шөлкемлестирилген болып, бийдай орыў ҳәм дән қабыллаў пунктине тасыўда 65 техника қатнастырылмақта.


Нөкис районы фермер хожалықлары тәрепинен 5500 гектар майданға бийдай туқымы егилип, оннан 1235 гектар майданы туқымлық бийдай есапланады. Оған  Краснодар-99, Восторг,  Элита,  Дурдана, Давр ҳәм тағы басқа сортлар егилген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги