Усы жыл 16-июнь күни республикамыздағы барлық 64 мешитте Қурбан ҳайыты намазы оқылды.

Нөкис қаласындағы орайлық “Имам ийшан Мухаммад” жоме мешитинде ҳайыт намазы оқылыўы алдынан Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңесиниң комитет баслығы Тажибай Романов гүллән халқымызды, бәрше мөмин-мусылманларды Қурбан ҳайыты байрамы менен қутлықлап, Ѳзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси Баслығының байрам қутлықлаўларын жәмәәтке жеткерди.

Атап өтилгениндей. бәршениң кеўли қуўаныш ҳәм жақсылық нурына толып турған қуўанышлы демлерде Қурбан ҳайытына мийнеткеш ҳәм кеңпейил халқымыз бенен бирге аманлықта жеткергени ушын жаратқан ийемизге шексиз шүкиршилик билдиремиз. Бүгингидей тыныш турмысымыздың қәдирине жетиў, жәмийетимизде ҳүким сүрип атырған түрли миллет ҳәм диний конфессиялар арасындағы кеңпейилликти, бир-биреўге болған өз-ара ҳүрмет орталығын және де беккемлеў ҳәммемиздиң тийкарғы ўазыйпамыз болып табылады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң  усы жыл 11-июньдағы  “Мүбәрек Қурбан ҳайытын белгилеў ҳаққында”ғы қарары тийкарында республикамызда кең көлемли таярлық жумыслары алып барылды. Байрам халқымыздың миллий дәстүри ҳәм үрип-әдетлерине сәйкес ҳалда өткериў,  мүбәрек Қурбан ҳайыты күнлеринде теберик ҳәм тарийхый орынларға зыяратлаўды шөлкемлестириў мақсетинде қолайлы шараятлар ҳәм имканиятлар жаратылды.

Нѳкис “Имам ийшан Муҳаммад” жоме мешити имам-найыбы Жумабек Искендеровта өз гезегинде ҳайыт намазы алдынан “Қурбан хайыты мүбәрек!” темасында баянат жасады. Қурбан ҳайыты байрамы менен гүллән халқымызды қутлықлап, ҳайыт намазының пазыйлети ҳәм Қурбанлық ибадатының тәртиби ҳаққында атап өтти. Ҳайыт намазынан соң журтымыздың тынышлығын, халқымыздың абаданлығын сорап қайырлы дуўалар қылынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги