2024-жыл 21-июнь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының елиў үшинши жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирилип барылды.

Дәслеп сенаторлар «Өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәм оларда қурылған имаратлар менен объектлерге ҳуқықларды тән алыў ҳаққында»ғы нызамды додалады.

Атап өтилгениндей, бул нызамның мақсети өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкалары ҳәм оларда қурылған имаратлар менен  объектлерге болған ҳуқықларды тән алыў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.

Нызам менен жер участкасы ҳәм онда қурылған имаратқа болған ҳуқықты, сондай-ақ, жеке тәртиптеги турақ жай қурылған өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкасына ижара ҳуқықын тән алыўдың анық тәртиплери белгиленбекте.

Өз гезегинде, сенаторлар нызамның мазмун-мәнисине де айрықша тоқтап, ҳуқықларды тән алыў бағдарында тийисли тийкарлар белгиленип атырғанын айтып өтти.

Соның ишинде, артықша ийелеген жер участкасына, бағшылық ҳәм жүзимгершилик ширкетлери аймағында жайласқан турақ жайлар ийелеген жер участкасына, киши санаат зоналары аймағындағы жер участкасына болған ижара ҳуқықын тән алыў тийкарлары белгиленбекте.

Буннан тысқары, нызамға өзбасымшалық пенен ийелеп алынған жер участкаларына ҳәм оларда қурылған имаратлар менен объектлерге тийисли мағлыўматлар ҳәм ҳүжжетлер автоматластырылған мәлимлеме системасы арқалы белгиленген басқышларда киргизилетуғыны нәзерде тутылмақта.

Додалаў даўамында сенаторлар тәрепинен нызамның қабыл етилиўи пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң өзбасымшалық пенен ийелеп алған жер участкаларына ижара ҳуқықын ҳәм оларда қурылған имаратлар менен  объектлерге мүлк ҳуқықының тән алыныўына ҳәм бул арқалы халықтың социаллық, экономикалық ҳәм бул имарат және объектлерди коммуналлық тармақларға жалғаў бойынша исбилерменлик жумысын әмелге асырыўда жүзеге келип атырған машқалалардың шешилиўине имканият беретуғыны атап өтилди.

Додалаў жуўмағында бул нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин «Киберқәўипсизликти тәмийинлеў тараўындағы нызамшылық жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, мәлимлеме-коммуникация технологияларының раўажланыўы мүнәсибети менен кредит шөлкемлери ҳәм банк емес кредит шөлкемлериниң жумысында мәлимлеме қәўипсизлигин ҳәм киберқәўипсизликти тәмийинлеўге байланыслы илажлар дәрежесин арттырыў зәрүрлиги жүзеге келмекте.

Бул нызамға тийкарланып кредит ҳәм төлем шөлкемлери, төлем системалары операторлары, валюта биржалары, кредит бюролары тәрепинен қәўипсизлик ҳәм киберқәўипсизлик қәўип-қәтерлерин анықлаў және олардың алдын алыў илажларын көриў бойынша Орайлық банкке қосымша ўәкилликлер белгиленбекте.

Сондай-ақ, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске, «Орайлық банк ҳаққында»ғы, «Банклер ҳәм банк жумысы ҳаққында»ғы, «Банк сыры ҳаққында»ғы, «Автоматластырылған банк системасында мәлимлемени қорғаў ҳаққында»ғы, «Электрон ҳүкимет ҳаққында»ғы, «Төлемлер ҳәм төлем системалары ҳаққында»ғы ҳәм «Банк емес кредит шөлкемлери ҳәм микроқаржыландырыў жумысы ҳаққында»ғы нызамларға киберқәўипсизликти тәмийинлеўге байланыслы нормалар киргизилмекте.

Нызам менен банк мәлимлеме системаларында мәлимлеме қәўипсизлигин ҳәм киберқәўипсизликти тәмийинлеў бойынша нызамшылық талапларының бузылған жағдайы қопал қағыйдабузарлықлар қатарына киргизилмекте.

Буннан тысқары, банклердиң мәлимлеме системалары ҳәм ресурсларының мәлимлеме қәўипсизлигин ҳәм киберқәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм банк сырын қорғаў сыяқлы қосымша мақсетлер нызамда сәўлелендирилмекте.

Сенаторлардың пикиринше, бул нызамның қабыл етилиўи кредит ҳәм банк емес кредит шөлкемлериниң жумысында ҳәм электрон ҳүкимет системасында мәлимлеме қәўипсизлигин күшейтиўге, мәлимлеме-коммуникация технологиялары жәрдеминде исленген ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин сенаторлар тәрепинен «Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Мәмлекетимизде майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын тәмийинлеў ушын зәрүр шараятлар жаратыў, сондай-ақ, инсан ҳуқықлары менен еркинликлери тараўындағы улыўма тән алынған халықаралық нормалар ҳәм стандартларды миллий нызамшылыққа избе-из имплементациялаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап өтилгениндей, майыплығы болған шахсларға басқа да пуқаралар менен теңдей түрде инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин әмелге асырыў имканиятын беретуғын қосымша шараятлар жаратыў мақсетинде майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққындағы нызамшылық буннан былай да жетилистирилмекте.

Бул нызам менен «Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққында»ғы нызамға майыплығы болған шахслардың әдил судлаўдан пайдаланыў, сайлаў ҳәм сайланыў, референдумда қатнасыў, сондай-ақ, билим алыўға болған ҳуқықларын тәмийинлеў ушын қосымша шараятлар жаратылыўын нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилмекте.

Буннан тысқары, Майыплардың ҳуқықлары ҳаққындағы Конвенцияға тийкарланып «Майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары ҳаққында»ғы нызам майыплығы болған шахслар менен сөйлесиў ушын қолайлы сөйлесиў түрлерин, сондай-ақ, социаллық инфраструктура объектлерин майыплығы болған шахслардың олардың иркинишсиз кириўи ушын бейимлестириў тийкарларын белгилейтуғын нормалар менен толықтырылмақта.

Сенаторлардың пикиринше, бул нызам инсан ҳуқықлары менен еркинликлери тараўындағы улыўма тән алынған халықаралық нормалар ҳәм стандартларды миллий нызамшылыққа имплементациялаў арқалы майыплығы болған шахслардың ҳуқықлары қорғалыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, Сенаттың елиў үшинши жалпы мәжилисинде «Интеллектуаллық мүлк объектлерин ҳуқықый қорғаў системасының буннан былай да жетилистирилиўи мүнәсибети Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Бизге белгили, кейинги жылларда мәмлекетимизде экономика тармақларына интеллектуаллық жумыс нәтийжелерин енгизиў механизмлерин жетилистириў, исбилерменлик жумысын ҳәм орталығын жақсылаў, жергиликли ислеп шығарыўшылар өнимлериниң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў ҳәм олардың қосымша қун менен реализацияланыўын тәмийинлеў мақсетинде интеллектуаллық мүлкти исенимли тәризде ҳуқықый қорғаў тараўында кең көлемли реформалар алып барылмақта.

Соның менен бирге, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң интеллектуаллық жумысы нәтийжесинде жаратылған мүлктиң қолқатылмаслығын тәмийинлеў, жәмийетте ҳуқықбузарлықларға маўасасызлық мүнәсибетти қәлиплестириў ҳәм пуқаралардың өз ҳуқықларын қорғаўдан мәпдар екенин тәмийинлейтуғын ҳуқықый механизмлерди нызамшылықта беккемлеў зәрүрлиги пайда болмақта. Буннан тысқары, интеллектуаллық мүлктиң тәсиршең ҳуқықый механизмлер менен қорғалыўын тәмийинлеў бул тараўдағы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ушын нызамшылықты жетилистириў сиясатын избе-из даўам еттириў зәрүрлигин пайда етпекте.

Бул ҳүжжет пенен пуқаралық-ҳуқықый қатнасықларды жетилистириў мақсетинде Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине интеллектуаллық мүлк объектлеринен нызамға қайшы түрде пайдаланғаны ушын ҳуқық ийесиниң талабына бола ҳуқықбузар тәрепинен төлем төлеў тәртип-қағыйдасы енгизилиўин нәзерде тутатуғын қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.

Соның ишинде, патент ийеси өзиниң абсолют ҳуқықын бузған ҳалда санаат мүлки объектинен пайдаланып атырған шахстан зыянлардың қапланыўы орнына базалық есаплаў муғдарының жигирма есесинен мың есесине шекемги муғдарда төлем төлениўин талап етиўи мүмкин. Онда төлем зыянлар жеткерилиў фактине қарамастан, ҳуқықбузарлықтың өзгешелигинен ҳәм патент ийесиниң пүткиллей ҳуқықын бузған ҳалда санаат мүлки объектинен пайдаланып атырған шахстың айыбы дәрежесинен келип шығып, жумыс мүнәсибети әдетлери есапқа алынған ҳалда төленеди. Төлем муғдары тәреплердиң келисимине муўапық ямаса суд тәрепинен белгиленеди.

















Атап өтилгениндей, нызам физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң интеллектуаллық мүлкке болған ҳуқықларын қорғаў системасын жетилистириўге, бул тараўдағы ҳуқықбузарлықлар профилактикасының сапасын арттырыўға, сондай-ақ, ҳуқықбузарлықлар санының азайыўына ҳәм интеллектуаллық мүлктиң қорғалыўын күшейтиўге ҳәм санлы орталықта дөретиўшилик жумысқа болған ҳуқықлары қорғалыўының тәсиршең механизмлери системасын қәлиплестириўге хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин жалпы мәжилисте «Юридикалық тәреп статусына ийе болмаған кәсиплик аўқамлары шөлкемлерин есапқа алыў тәртиби белгиленип атырғаны мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Атап өтилгениндей, кейинги жылларда мәмлекетимизде кәсиплик аўқамлары шөлкемлериниң жумыс нәтийжелилигин арттырыўға, оларға ағза болғанлардың ҳуқықлары қорғалыўын тәмийинлеўге, сондай-ақ, кәсиплик аўқамлары шөлкемлериниң жумысын тәртипке салатуғын ҳуқықый базаны раўажландырыўға қаратылған илажлар әмелге асырылды.

Соның менен бирге, әмелиятта юридикалық тәреп статусына ийе болмаған кәсиплик аўқамларының бөлимлери ҳәм басланғыш кәсиплик аўқамлары шөлкемлери тәрепинен банк есап бетлерин ашыўға байланыслы машқалалар болып, буның ушын салық төлеўшиниң идентификациялаў номериниң алыныўы талап етиледи.

Ҳүжжет пенен Өзбекстан Республикасының Салық кодексине юридикалық тәреп статусына ийе болмаған кәсиплик аўқамларының бөлимлерине ҳәм басланғыш кәсиплик аўқамлары шөлкемлерине салық төлеўшиниң идентификация номери берилиўин нәзерде тутатуғын қосымшалар киргизилмекте.

Буннан тысқары, «Кәсиплик аўқамлары ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына юридикалық тәреп статусына ийе болмаған кәсиплик аўқамлары бөлимлериниң ҳәм басланғыш кәсиплик аўқамлары шөлкемлериниң әдиллик уйымларында есапқа алыныўы мүмкин екенин ҳәм бул тәртип Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети тәрепинен белгилениўин нәзерде тутатуғын қосымшалар киргизилмекте.

Сенаторлардың пикиринше, бул нызам юридикалық тәреп статусына ийе болмаған кәсиплик аўқамларының бөлимлери ҳәм басланғыш кәсиплик аўқамлары шөлкемлери тәрепинен финанслық жумыстың толық түрде әмелге асырылыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.

Жалпы мәжилисте «Өзбекстан Республикасының Жынаят, Жынаят-процессуаллық кодекслерине ҳәм Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине нәшебентлик қуралларының, олардың аналогларының ямаса психотроп затлардың, сондай-ақ, күшли тәсир етиўши ҳәм зыянлы элементлердиң нызамға қайшы айланысына қарсы гүресиўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде нәшебентлик қуралларының, олардың аналогларының ҳәм психотроп затлардың, сондай-ақ, күшли тәсир етиўши элементлердиң нызамға қайшы айланысына қарсы гүресиў бойынша системалы илажлар әмелге асырылмақта.

Бизге белгили, бүгинги күнде жас өспиримлерди тартқан ҳалда ҳәм телекоммуникация тармақларынан, ҳәм Интернет жәҳән мәлимлеме тармағынан пайдаланыў арқалы нәшебентлик қуралларының, олардың аналогларының ҳәм психотроп элементлердиң нызамға қайшы айланысы артып атырғаны мүнәсибети менен бул ҳуқықбузарлықлар ушын жуўапкершилик илажларын қайта көрип шығыў талап етилмекте.

Соның менен бирге, нәшебентлик қуралларын, олардың аналогларын ямаса психотроп затларды, сондай-ақ, күшли тәсир етиўши затларды нызамға қайшы түрде үгит-нәсиятлаўшы материалларды тарқатқаны ямаса реклама еткени ушын әдиллик принципине муўапық жаза илажларын қолланыў мақсетинде бул түрдеги ҳуқықбузарлықлар ушын жуўапкершиликти күшейтиў зәрүрлиги жүзеге келмекте.

Бул ҳүжжет пенен нәшебентлик қуралларын, олардың аналогларын ямаса психотроп затларды телекоммуникация тармақларынан ҳәм Интернет жәҳән мәлимлеме тармағынан пайдаланыў арқалы нызамға қайшы түрде айланысқа киргизгени, бул жынаятларды жас өспиримлерди тартқан ҳалда ислегени ушын жуўапкершилик илажлары күшейтилмекте, сондай-ақ, нәшебентлик қуралларын, олардың аналогларын ямаса психотроп затларды, күшли тәсир етиўши ҳәм зыянлы элементлерди өткериў мақсетин гөзлемей нызамға қайшы түрде алғаны, сақлағаны, тасығаны ямаса жибергени ушын ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик белгиленбекте.

Сенаторлардың атап өтиўинше, бул нызам нәшебентлик қуралларын, олардың аналогларын ямаса психотроп затларды, сондай-ақ, күшли тәсир етиўши ҳәм зыянлы элементлерди үгит-нәсиятлаў ямаса реклама етиўдиң және олардың нызамға қайшы айланысының алдын алыўға хызмет етеди.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан тысқары, жалпы мәжилисте «Товар белгилери бойынша нызамлар ҳаққындағы Сингапур шәртнамасын (Сингапур, 2006-жыл 27-март) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Сингапур шәртнамасының мақсети бул тараўда барлық мәмлекетлерде ҳәм регионаллық шөлкемлерде жумыс алып баратуғын товар белгилерин ҳуқықый қорғаў системасынан пайдаланыўшыларға қолайлы шараятлар жаратыўдан ибарат.

Бул ҳүжжет 2006-жылы 27-мартта қабыл етилген болып, ҳәзирги ўақытта дүньяның 50 ден аслам мәмлекетлери оның қатнасыўшылары есапланады.

Додалаў ўақтында халықаралық ҳүжжетте товар белгилерине талапларды дизимнен өткериў ҳәм тапсырыў тәртиби, лицензия шәртнамалары ҳәм басқа да ҳүжжетлерге өзгерислер киргизиўдиң өзине тән өзгешеликлери, товар белгисин дизимнен өткериўдиң әмел етиў мүддети ҳәм басқа да қағыйдалар белгиленгени атап өтилди.

Нызамда Сингапур шәртнамасы 29-статьясының 4-бәнти бойынша ҳуқықлар бузылғанда жеткерилген зыянның орнын қаплаўға байланыслы ҳәр қандай ҳуқық Өзбекстан Республикасының нызамшылығына муўапық лицензиатқа берилиўи ушын шәрт сыпатында лицензияның дизимнен өткерилиўин талап етиўге байланыслы қосымша шәрт есапқа алынған ҳалда ратификациялаў нәзерде тутылмақта.

Сенаторлардың атап өтиўинше, шәртнаманың ратификацияланыўы товар белгисине байланыслы ҳуқықтың миллий системаларын ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалар көзқарасынан үйлестиреди.

Сондай-ақ, нызамның қабыл етилиўи авторлық ҳуқықын қорғаў системасын буннан былай да жетилистириў, инвестициялық орталықты жақсылаў ҳәм мәмлекетимиздиң Жәҳән саўда шөлкемине ағза болып кириўи жолында әҳмийетли қәдем болады.

Додалаў жуўмағында нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Бизге белгили, жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясының 95- ҳәм 109-статьяларына муўапық Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры лаўазымына талабан Президент тәрепинен усынылады ҳәм Сенаттың жалпы мәжилисинде сенаторлар тәрепинен көрип шығылады.

Соған тийкарланып Сенаттың 53-жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры лаўазымына жаңа мүддетке усынылған Ниғматулла Тўлқинович Йўлдошевтиң кандидатурасы көрип шығылды ҳәм мақулланды.

Буннан кейин Сенаттың 53-жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитетиниң баслығын сайлаў мәселеси де көрип шығылды.

Жаңа редакциядағы Өзбекстан Республикасы Конституциясының 95-статьясы ҳәм 109-статьясына муўапық Өзбекстан Республикасы Президентиниң усынысына бола Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитетиниң баслығы Сенат тәрепинен сайланады.

Сенаторлар бул мәселе бойынша өз мүнәсибетлерин билдирди ҳәм Ҳалилилло Собиржонович Тўрахўжаев Өзбекстан Республикасы Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў комитети баслығы лаўазымына сайланады.

Бул мәселе бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының елиў үшинши жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети