Президент жанындағы Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги, Мәмлекетлик басқарыў академиясы ҳәм Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети менен биргеликте “Басшы ҳаял-қызлар мектеби” арнаўлы оқыў-курслары шөлкемлестирилген.

Усы күнге шекем 100 ҳаял-қыз усы бағдарлама тийкарында оқытылған болса, быйылғы жылғы мәўсимде оқыў ушын Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан, сондай-ақ, министрлик ҳәм уйымларда түрли тараўларда белсенди, басламашы ҳаял-қызлардыӊ арасынан 45и сайлап алынды. Олар быйылғы жылдыӊ 1-апрелинен баслап 2 айдан көбирек ўақыт даўамында оқыў реже тийкарында өзлериниӊ кәсиплик, маманлық билим ҳәм көнликпелерин арттырды.

Сенат Баслығы Танзила Норбоева усы курс тыӊлаўшылары менен ушырасыў өткерди. Онда жас басшы ҳаял-қызлар ушын табысқа ерисиў жоллары, олардыӊ социаллық ҳәм экономикалық раўажланыўы, жәмийеттеги ролин беккемлеў мәселелери додаланды.

– Басшы ҳаял-қызлар мектеби мәмлекетимизде ҳаял-қызлардыӊ жетекшилигин қоллап-қуўатлаў ҳәм олардыӊ имканиятларын кеӊейтиўде үлкен әҳмийетке ийе, – деди Т.Норбоева. – Сондай-ақ, мәмлекетте алып барылып атырған реформаларда ҳаял-қызлардыӊ орны ҳәм ролин және де арттырыў, басшы кадрларға, соныӊ менен бирге, басшы ҳаял-қызларға қойылып атырған талаплар, билим ҳәм маманлық арттырыў арқалы олардыӊ потенциалын және де раўажландырыў зәрүр.

Қызғын руўхта өткен ушырасыўда мәмлекетлик басқарыўдағы ҳаял-қызлардыӊ турмысы ҳәм жумысы, тәжирийбелери, түрли жағдайларда дурыс қарарлар қабыл ете алыў қәбилети, машқалаларға тезлик пенен шешим таба алыў ҳәм шешиўде ерисилген нәтийжелери ҳаққында сөз етилди.

Тыӊлаўшылар тәрепинен түрли тараўларды раўажландырыў, бар машқалаларды шешиў бойынша усыныс ҳәм басламалар алға қойылды. Усы усыныс ҳәм басламалар тийкарында тийисли илажларды әмелге асырыў белгиленди.

Н.Абдураимова,  

ӨзА