Россия Федерациясының Қазан қаласында өткерилип атырған БРИКС спорт ойынларында Өзбекстан Республикасының қылышласыў спорты бойынша сайланды командасы ағзалары да табыслы қатнасыўға миясар болды.

Атап айтқанда, сабля бағдары бойынша сайланды команда қурамында қатнасып атырған республикамыз спортшыларынан Зайнаб Дайыбекова ҳәм Гүлистан Пердебаевалар Самира Шокировалар менен бирге ярым финалда Беларусь сайланды командасын 45:41 есабында жеңип шығып, финалда Россия сайланды командасы менен алтын медаль ушын кескин гүрес алып барды.

Оғада кескин беллесиўлерге бай болып өткен финал соңында қарсыласларына 45:26 есабында жеңилип қалды.

-Ушырасыў оғада қызықлы болып өтти. Биринши айланымда Веронике Булукованы 7:0 есабында жеңген болсам, екиншисинде Никитинаға 5:4, Яна Егорянға жеңилип қалдым. Бул жарыс маған Париж Олимпиадасы ушын таярлық болды,-деп айта аламан дейди Зайнаб Дайыбеков.

Ал, бул жарыстағы сыйлы 3-орын болса, Беларусь сайланды командасын 45:30 есабында жеңип шыққан Әзербайджан сайланды командасына несип етти.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы