Ҳүрметли ўатанласлар!

Сиз, әзизлерди, бүгинги халқымыздың тынышлық, мийрим-шәпәәт ҳәм аўызбиршилик пазыйлетлеринен барған сайын абат ҳәм нурлы болып атырған елимизге кирип келген Қурбан ҳайыты менен шын жүректен қызғын қутлықлайман.

Усы бахытлы демлерде бәршемиз бул уллы әййямның руўхы ҳәм гөззаллығын тереңнен сезип, ел-журтымыз бенен биргеликте усындай уллы күнлерге жеткергени ушын Жаратқанға шексиз шүкирлер айтамыз.

Халқымыз турмысында жақсылық, меҳир-мүриўбет, сақаўат ҳәм кеңпейиллик белгиси сыпатында беккем қарар тапқан Қурбан ҳайыты бүгинги күнде биз ушын барлық тараўларда инсан қәдири жетекши орынға шығып атырған Жаңа Өзбекстандағы кең көлемли реформалардың мазмунына үнлес ҳәм сәйкес екени менен және де әҳмийетли болып бармақта.

Әсиресе, мәҳәлле ҳәм шаңарақларымызда тынышлық-парахатшылық, дослық ҳәм татыўлық орталығын беккемлеў, кекселер, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар, кем тәмийинленген шаңарақларға  ғамқорлық етиў, ҳеш кимди меҳир ҳәм итибардан шетте қалдырмаўға қаратылған ийгиликли жумысларымызда муқаддес динимиз, оның адамгершилик мәнисин өзинде анық сәўлелендиретуғын усы пайызлы байрам биз ушын ибрат мектеби, күш-ғайрат дәреги болып хызмет етеди, десек, әйне ҳақыйқатты айтқан боламыз.

Әзиз дослар!

Қәлбимиз қуўанышқа толған усындай жарқын күнлерде кейинги жыллары мәмлекетимизде әзелий диний қәдириятларымызды тиклеў, муқаддес орынларды абат етиў бағдарындағы үлкен жумыслар, елимиз мөмин-мусылманларының ибадат әмеллерин, атап айтқанда, ҳаж ҳәм умра зыяратларын еркин әмелге асырыўы ушын жаратып берилип атырған қолайлы шараятлар ҳаққында сөз етиўимиз тәбийғый болып табылады.

Қысқа мүддетте Имам Бухарий, Имам Термизий ҳәм Имам Матуридий халықаралық илимий орайлары шөлкемлестирилди. Абу Иса Термизий, Абу Муин Насафий, Султан Увайс Қараний, Сузук ата естелик комплекслери түпкиликли абат етилди. Жаңадан қурылып атырған Имам Бухарий естелик комплекси ҳәм Ислам цивилизациясы орайында қурылыс ҳәм үскенелеў жумыслары жедел даўам еттирилмекте. Усылардың қатарында қала ҳәм аўылларымызда көплеген саўлатлы мешитлер қурылмақта.

Кейинги жети жылда 60 мыңнан аслам мәмлекетимиз мусылманлары ҳаж әмеллерин орынлады. Усы күнлерде және 15 мың ўатанласымыз еки муқаддес қала – Мекке ҳәм Мадина зыяратына барып, өзлериниң ийгиликли әрманларын әмелге асырмақта.

Пәк нийетлер орынланатуғын мине усындай иләҳий демлерде олардың бәршесине шын жүректен ҳаж ибадатларын толық орынлап, елимизге саў-саламат қайтып келиўин тилеймиз.

Ҳайыт байрамы алдында Меккеде болып турған Өзбекстан мусылманлары уйымы баслығы, ҳүрметли муфтийимиз шайх Нуриддин Холиқназар ҳәзиретлери менен телефон арқалы болған сөйлесиўимизде ўатанласларымыздың муқаддес ҳаж ибадатларын толық орынлаўы ушын барлық шараятлар жаратылғанын айрықша атап өтти. Ҳажыларымыз Ўатанымызға қайтқаннан соң, жәмийетимиздеги меҳир-мүриўбет орталығын және де беккемлеў, жаўызлыққа қарсы ағартыўшылық пенен гүресиў, жаслардың тәрбиясы ҳәм шаңарақлардың татыўлығын күшейтиўге ибрат ҳәм үлги көрсетеди деп үмит етемиз.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Мине, усы қутлы демлерде түрли зәрүрлик пенен сырт еллерде болып турған ўатанласларымызды да шын жүректен қутлықлап, оларға беккем денсаўлық, бахыт ҳәм әўмет тилеймиз.

Дүньяның узақ-жақын мәмлекетлериндеги динлеслеримизге де қызғын қутлықлаўлар жоллап, олардың халықлары ҳәм мәмлекетлерине тынышлық, гүллениў ҳәм абаданлық тилеп қаламыз.

Илайым, дүньяның түрли регионларында даўам етип атырған урыс ҳәм жәнжеллер тезирек тамамлансын! Жер жүзинде бәрқулла тынышлық ҳәм абаданлық турақлы болсын!

Әзиз ҳәм қәдирли дослар!

Бүгин биз көп миллетли халқымыз бенен бирге Жаңа Өзбекстанды қурып атырмыз. Жаңа Өзбекстан – бул жаңа өмир, жаңа раўажланыў, бахытлы келешек дегени.

Бәршемиз аўызбиршиликли болып, баслаған реформаларымызды және де исенимли даўам еттирсек, бул үллы мақсетке анық жетемиз.

Перзентлеримизди әлбетте билимли, өнерли, әдепли инсанлар, ҳақыйқый ўатан сүйиўши әўлад етип тәрбиялаймыз.

Усы жолда бәршемизге бахыт ҳәм әўмет яр болсын!

Ел-журтымызды Жаратқанның өзи сақласын!

Сиз, әзизлерди муқаддес Қурбан ҳайыты менен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге саўлық-саламатлық, шаңарақларыңызға тынышлық-қәтержамлық, қут-берекет тилеймен.

Уллы әййям бәршемизге мүбәрек болсын!

 

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти