Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм “Аграр тараўының ҳаял-қызлары” бирлеспесиниң басламасы менен өткерилген “Жаслар ҳәм инновациялық аўыл хожалығы” таңлаўында Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университетиниң Нөкис филиалы биринши орынды ийелеп, Европаға саяхат жолламасын қолға киргизди.

Министрликке қараслы 10 жоқары оқыў орны арасында өткерилген таңлаўда Ташкент мәмлекетлик аграр университетиниң командасы екинши, Әндижан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтының командасы үшинши орынларды ийеледи.

Нөкис халықаралық аэропортында Европаға саяхат жолламасын қолға киргизген “Келешек жаслары” командасының ағзалары салтанатлы жағдайда күтип алынды. Онда филиал басшылары, профессор-оқытыўшылар, ата-аналар, студент-жаслар қатнасып, жеңимпазларды қутлықлады.



Атап өтилгениндей, бул таңлаўды өткериўден мақсет, студент-жасларды аўыл хожалығы тараўындағы инновациялық идеяларды енгизиўге тартыў, бул бағдардағы арзыў-нийетлерин әмелге асырыў болып табылады. Жәми 3 басқышта өткерилген таңлаў 4 мың 100 ге шамалас жасты қамтып алды. Нәтийжеде филиалдың командасы төрешилер қурамы тәрепинен обсолют жеңимпаз деп табылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги