Соңғы жылларда республикамыздың қала ҳәм районларында жаңа имаратлар бой тиклеп, бир қатар районларда «Жаңа Өзбекстан» массивлери пайда болып, халқымыздың турақ жайға болған талабын қанаатландырыў ушын кең көлемли қурылыс-абаданластырыў жумыслары әмелге асырылмақта.

Алдын хабар бергенимиздей, Қанлыкөл районы да соңғы жылларға келип үлкен қурылыс майданына айланып, бир қатар социаллық объектлер қурып питкерилип пайдаланыўға тапсырылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-декабрдеги «Жаңа Өзбекстан»  массивлерин қурыў ҳәм аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы  пәрманына муўапық, Қанлыкөл районында жаңа турақ жайлар массивин шөлкемлестириў ушын Наўрыз АПЖ аймағынан 14,3 гектар жер майданы ажыратылып, 10 бес қабатлы, 30 квартиралы турақ жайлар ҳәм бир қатар социаллық обектлер қурып питкерилди.

Бүгин усы киши қалашадағы 17-санлы Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң ашылыў салтанаты болды.

Илажда Президент кеңесгөйиниң орынбасары, республика халық қабыллаўханасының баслығы У.Мухамадиев, район ҳәкими Б.Султанов ҳәм басқалар жыйналғанларды жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қызғын қутлықлады.

Бул “Жаңа Өзбекстан” массивиндеги 17-санлы ММШБ шөлкеми қурылысы ушын 7 млрд. 742 млн. сум қаржы ажыратылып, “Нукус туран Курылыс” ЖШЖ қурылысшылары тәрепинен сапалы түрде тез күнде қурылып питкерилди.

Жаңа имарат 180 балаға мөлшерленген болып, бақшада оқыў-тәрбия ислери үш тилде яғный қарақалпақ, өзбек ҳәм рус тиллеринде алып барылады.

Мағлыўмат ушын атап өтетуғын болсақ, районда 33 МШБШ болып соның, он беси мәмлекетлик, бесеўи жеке меншик шериклик, он үши шаңарақлық бақшалар болып есапланады. Районда балаларды бақшаларға  қамтыў көрсеткиши 82 проценттен асып бармақта.

Мийманлар жаңа имараттың ишки жумыслары менен танысып исленген жумысларға жоқары баҳа берди. Жаңа имарат ушын саўғалар тапсырылды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги