Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Монғолия Президенти Ухнаагийн Хурэлсух 23-26-июнь күнлери мәмлекетлик сапар менен елимизде болады.

Жоқары мәртебели мийман сапарының бағдарламасына муўапық, Ташкент қаласында жоқары  дәрежедеги сөйлесиўлер өткерилиўи нәзерде тутылған. Өзбекстан-Монғолия дослық ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиў қатнасықларын және де кеңейтиў ҳәм беккемлеў мәселелери көрип шығылады.

Атап айтқанда, күн тәртибинен конструктивлик сиясий сөйлесиў ҳәм парламентлераралық қатнасықларды раўажландырыў, еки тәреплеме товар алмасыў көлемин арттырыў, таў-кән санааты, аўыл хожалығы, шарўашылық, жеңил санаат, денсаўлықты сақлаў, транспорт, логистика ҳәм басқа бағдарларда кооперация жойбарларын әмелге асырыў режелери орын алған. Сондай-ақ, мәдений-гуманитарлық ҳәм туризм байланысларын жеделлестириўге қаратылған қосымша илажлар додаланады. Халықаралық мәселелер бойынша пикир алысады.

Саммит жуўмақлары бойынша ҳүкиметлераралық ҳәм уйымлараралық ҳүжжетлер топламын қабыл етиў нәзерде тутылған.

Мәмлекетлик сапар шеңберинде Президентлердиң еки мәмлекеттиң жетекши компаниялары ҳәм исбилермен топарлар ўәкиллери менен ушырасыўы ҳәм бир қатар басқа еки тәреплеме илажлар өткерилиўи режелестирилген.

Монғолия Президенти Ухнаагийн Хурэлсух Хийўа қаласына да барып, халқымыздың бай мәдений-тарийхый мийрасы менен танысады.

                                                                                                               ӨзА