Жуўапкершиликли ата-аналық. Ол қандай нормаларды өз ишине алады? Негизинде ата-аналар нелер ҳаққында билиўи керек? Шаңарақта ата-ананың тийкарғы жуўапкершилиги қандай?
Усы ҳәм басқа көплеген сораўларға жуўап беретуғын жойбардың тийкарғы мақсети саламат шаңарақты қәлиплестириў, турақлы туўылыў көрсеткишлерине ерисиў, нәсилли ҳәм майыплығы болған туўылыўлардың алдын алыўдан ибарат.
Бул жойбар «Шаңарақ ҳәм гендер» илимий-изертлеў институты тәрепинен әмелге асырылмақта. Жойбарға тараў илимпазлары ҳәм қәнигелери тартылған.
Бүгинги күнде жойбар шеңберинде жуўапкершиликли ата-аналық нормалары ҳәм дәрежелери, «Бахытлы шаңарақтың алтын стандарты» ислеп шығылды.
«Жуўапкершиликли ата-аналық» атамасында оқыў қолланба таярланды ҳәм 10 мың нусқада басып шығарылды.
Ата-аналардың жуўапкершилигин арттырыўға қаратылған 2 социаллық ролик, 1 қойын дәптер, 6 видео-сабақ, 15 тарқатпа материал таярланды.
Жойбар шеңберинде мектпеке шекемги, орта ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери, шөлкем ҳәм кәрханаларда оқыўлар шөлкемлестириледи, 9,3 миллион туўыў жасындағы ҳаял-қызлар арасында үгит-нәсият жумыслары жолға қойылады.
Халыққа қолайлылық жаратыў мақсетинде «Жуўапкершиликли ата-аналық» электрон платформасы ҳәм мобиль қосымша жаратылады.
Платформаға жуўапкершиликли ата-аналық бағдарламасындағы темалар бойынша видео-сабақлар, перезентациялар, видеоролик, подкастлар жайластырылады.
Н.Усмонова, ӨзА