АҚШ Президенти Жо Байден өзиниң жуўмақлаўшы сөзинде ҳәкимият алып барған сыртқы сиясат стратегиясының нәтийжесинде ҳәм мәмлекет басшысы сыпатындағы жумысының тийкарғы бағдарларын сөз етиўи күтилмекте.

Буннан бурын Ақ үй ҳәкимшилиги Байден сыртқы сиясатындағы тийкарғы табыслар сыпатында, соның ишинде, НАТО кеңейтилгени, Украинаға жәрдем бериў ушын аўқамласларды бирлестире алғаны, қәўипсизлик, экономикалық бирге ислесиўди беккемлеў ушын Япония ҳәм Қубла Корея қатнасыўындағы тарийхый келисимлерге ерисилгенин санап өтетуғынын жәриялаған еди.

Байденниң миллий қәўипсизлик бойынша кеңесгөйи Жейк Салливан ҳәкимияттың сыртқы сиясаты ҳаққында сөз етер екен, «АҚШ аўқамласлары он жыллықлардағыға қарағанда ҳәзир қүдиретлирек екенин, НАТО және де күшейгенин, мақсетке бағдарланғанын ҳәм кеңейип атырғанын атап өткен еди.

– Азия – Тыныш океаны регионы менен бирге ислесиўимиз мисли көрилмеген дәрежеде жақсыланды, қарсыласларымыз – Россия, Иран, Қытай күшсизленди, – деди ол PBS телеканалына берген интервьюинде. – Булардың бәри Америка жаңа урысқа тиккелей қатнаспаған ҳалда әмелге асырылды.

Байденнен өзи даўа етип атырған жетискенликлерге қарамастан, Украинадағы келиспеўшилик, Қытай менен Тайвань мәселеси ҳәм саўда келиспеўшилиги бойынша даўам етип атырған шийеленискен жағдай және Жақын Шығыстағы дағдарыс сыяқлы шешилмеген көплеген «қолайсыз» машқалалар мийрас болып қалып атырғанын атап өтиў керек.

Американың абырайлы «Foreign Policy» басылымының атап өткениндей, Байден ҳүкимети ерискен жетискенликлер өзи орнатқан жоқары стандартқа ҳәр қашан да жуўап бермеген.

– Орта класс демократия ямаса АҚШтың глобал жетекшилигине қарағанда, көбирек инфляциядан қәўетерленбекте, – деп жазады басылым соңғы шығып сөйлейжақ сөзи қарсаңында жәрияланған мақалада. – Байден ҳәкимшилиги демократияны беккемлеўдиң орнына Трамптың биринши ҳәм екинши мүддети арасындағы көпир болды.

Сайланған Президент болса әлле қашан сыртқы сиясатқа мүнәсибетти қайта көрип шығыўға таярлық көрмекте. Ол әлле қашан Украинаға жәрдемди қысқартыў, НАТОның басқа ағзаларынның қорғаныў қәрежетлерин сезилерли дәрежеде көбейтиў кереклигин атап өткен. Панама каналы ҳәм Гренландия үстинен қадағалаўды қолға киргизиў ушын күш ислетиў имканиятын көрип шығыў нийетин де жасырмай атыр. Ақ үйдиң болажақ ийеси булардың бәри миллий қәўипсизликти тәмийинлеў ушын стратегиялық әҳмийетке ийе екенин тәкирарламақта.

С.Раҳимов, ӨзА