Мәмлекетимиз басшысының Бирлескен Араб Әмирликлерине рәсмий сапары шеңберинде Өзбекстан Республикасы Транспорт министри Илҳом Маҳкамов ҳәм БАӘниң JETEX компаниясы шөлкемлестириўшиси Адел Мардини арасында ушырасыў өткерилди. Онда транспорт министрлиги ҳәм JETEX компаниясы арасында бирге ислесиў Меморандумына қол қойылды.

JETEX компаниясы 2005-жылы дүзилген болып, 5 континентте 30 бизнес бирлеспесине ийе глобал тармақ болып есапланатуғынын айтып өтиў керек. Пүткил дүнья бойлап 50 ден аслам орынларда, соның ишинде, Жақын Шығыс, Европа, Азия-Тыныш океаны регионы, Африка ҳәм Америкада күни-түни қарыйдарларға хызмет көрсетиў менен шуғылланады.

Бул меморандум мәмлекетимиздиң пуқаралық авиациясы тараўында жаңа перспективалы жойбарларды әмелге асырыў ушын тийкар жаратады. Атап айтқанда, JETEX компаниясы «Ташкент-Шығыс» аэропортында FBO түринде мәмлекетлик жеке меншик шериклиги тийкарында VIP ҳәм CIP қарыйдарларға хызмет көрсетиўди шөлкемлестириў бойынша инвестициялық жойбарды әмелге асырады.

FBO (Fixed Base Operator) – аэропортларда ҳаўа кемелерине жанылғы қуйыў, тоқтаў орны, техникалық, оңлаў хызметлерин көрсетиў, ҳаўа кемелерин ижараға бериў, чартерлерди сатыў, такси ҳәм және басқа да көплеген хызмет түрлерин көрсетиўши шөлкем.

Жойбар шеңберинде киши авиация тараўында оңлаў, сатыў ҳәм сақлаў хызметлериниң жолға қойылыўы, аэротакси хызмети ҳәм VIP такси енгизилиўи, өз гезегинде туризм тараўының раўажланыўына унамлы тәсир көрсетеди ҳәм VIP қарыйдарлар ушын қолайлық жаратады.

Соның менен бирге, бизнес авиация тараўында 200 ден көбирек жоқары тәжирийбели жумыс орынлары пайда болады.

Бир сөз бенен айтқанда, JETEX компаниясының алдынғы тәжирийбесине сүйенген ҳалда мәмлекетимизде бизнес авиациясын исенимли ҳәм турақлы раўажланыўын тәмийинлеўге ерисилди.

А.Рустамов, ӨзА