Шоманай районы Мәденият орайында 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни ҳәм Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 33 жыллығы байрамына бағышланған салтанатлы кеше болып өтти.

Байрам кешесине район ҳәкими А.Аметов, сектор баслықлары, ҳуқық қорғаў уйымлары ўәкиллери ҳәм әскерий хызметкерлер қатнасты.

Байрамда шығып сөйлегенлер Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен барлық әскерий тараў хызметкерлерин қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.

Атап өтилгениндей, Ўатанымыздың қүдиретли қалқаны болған әскерий хызметкерлеримизге күш-қуўат, шаңарақларына аманлық ҳәм терең ден-саўлық тилеймиз. Бәрқулла аспанымыз ашық, Ўатанымыз тыныш болғай!

Байрам мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Балаларын Ўатанымызды қәдирлеў, оның азатлығын қорғаў жолында садық хызмет ететуғын инсан етип тәрбиялаўда әскер ата-аналарының орны айрықша.

Бүгинги күнде Шоманай районынан 48 жас  өзлериниң Ўатан алдындағы перзентлик ўазыйпасын атқарыў ушын әскерий хызметин өтеп атыр.

Район басшылары Өзбекстан Қураллы күшлериниң 33 жыллығы ҳәм 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен әскерий хызметин өтеп атырған жаслардың ата-аналарын байрам менен қызғын қутлықлап, перзентлерин халқымыз ушын бийбаҳа байлық болған мәмлекетимиз ғәрезсизлиги ҳәм тынышлығын қорғаў руўхында тәрбиялағаны ушын оларға миннетдаршылық билдирилип, естелик саўғалар тапсырылды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги