Ҳеш бир хызмет Ўатанды қорғаў сыяқлы ҳақыйқый мәнисте уллылық пайда етпейди. Мәртлерше гүресиў, қаҳарманлық көрсетиў ата-бабаларымыздан бийбаҳа өмирлик мийрас.

Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 33 жыллығы ҳәм 14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен пайтахтымызда жайласқан саўлатлы Халықлар дослығы сарайында салтанатлы мәресим болып өтпекте.

Илажда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерлер, әскерлер, шайыр ҳәм жазыўшылар, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнаспақта.

Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 33 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен байрам қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы қорғаныў министри, генерал-майор Шуҳрат Холмуҳамедов оқып еситтирди.

Илаждың көркем бөлиминде Ўатанымыз гимни атқарылды ҳәм ҳүрмет көрсетилди.

Илаж даўам етпекте. 

Абдулазиз РУСТАМОВ, ӨзА