Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 14-январь күни Бирлескен Араб Әмирликлери пайтахтында өтип атырған «Абу-Даби турақлы раўажланыў ҳәптелиги» саммитинде шығып сөйледи.
Саммитте Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Шайх Муҳаммед Ол Наҳаян, Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Әлиев, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Италия Республикасы Бас министри Жоржа Мелоны, Малайзия Бас министри Анвар Иброҳим, Финляндия Республикасы Бас министри Петтери Орпо ҳәм басқа бир қатар еллердиң мәмлекет ҳәм ҳүкиметлери, халықаралық шөлкемлер ҳәм қаржы институтларының басшылары қатнаспақта.
Форумның күн тәртибине муўапық, турақлы раўажланыўды тәмийинлеў, инновациялар, «жасыл» экономика ҳәм регионаллық өз-ара байланыслылықты әмелге асырыў мәселелери додаланды.
Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде ҳәзирги күнде энергетика дәреклерин диверсификациялаў, олардағы углеводородтың үлесин кескин азайтыў – климат өзгериўи ақыбетлерин жумсартыў, турақлы раўажланыў ҳәм глобал қәўипсизликти тәмийинлеўдиң тийкарғы шәрти екенин атап өтти.
Жаңа Өзбекстанның стратегиялық мақсети – экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, экономикалық өсиўдиң ресурслар үнемлилигине тийкарланған «жасыл» раўажланыў моделине өтиў болып есапланады.
– Соның ушын 2025-жылды Өзбекстанда «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы» деп жәрияладық,-деди Шавкат Мирзиёев.
Өзбекстан Президенти елимизде Аз углеродлы раўажланыў бойынша узақ мүддетли стратегия ҳәм «жасыл» қаржыландырыў миллий бағдарламасының ислеп шығылғаны, инвестициялық жойбарларда «жасыл» компонентлер келеси бес жылда 50 процентке шекем көбейтилетуғынын атап өтти.
Ыссыхана газлерин мониторинг етиў ҳәм эмиссия ушын квоталар саўдасы бойынша миллий системаларды енгизиў жумыслары даўам етпекте. 2030-жылға келип ыссыхана газлериниң шығарылыўын 35 процентке қысқартыў ҳәм бул миннетлемени басқышпа-басқыш арттырып барыў режелестирилген.
«Жасыл мәкан» бағдарламасы шеңберинде қалалар аймақларының кеминде 30 проценти көклемзар майданларға айландырылады. Аўыл хожалығында суўды үнемлеўши технологияларды 100 процент қолланыў системалы илажлары көрилмекте.
Шавкат Мирзиёев тез пәт пенен өсип атырған экономикамыздың энергетикаға болған талабын толық қанаатландырыў ушын «жасыл» қуўатлықлар жедел раўажланып атырғанына итибар қаратты.
– Өткен 5 жылда энергетика тараўына дерлик 20 миллиард доллар сырт ел инвестициялары тартылды ҳәм 9,6 гигаватт заманагөй энергия қуўатлықлары иске қосылды. Соның ишинде, 3,5 гигаваттлы 14 қуяш, самал электр станциялары ҳәм 300 мегаваттлы 2 сақлаў системалары иске қосылды,-деди мәмлекетимиз басшысы.
Ҳәзирги ўақытта сырт елли бирге ислесиўшилер менен баҳасы 26 миллиард доллардан аслам ҳәм улыўма қуўатлығы 24 гигаватт болған 50 ден артық ири жойбарлар әмелге асырылмақта. 2030-жылға шекем мәмлекетимизде қайта тиклениўши энергия үлесин 54 процентке жеткериў режелестирилген.
– Ҳәзирги күнде «жасыл» раўажланыў Өзбекстанда улыўма миллий ҳәрекет дәрежесине көтерилди,-деди Шавкат Мирзиёев.
Мәмлекетимиз басшысы бул бағдарда регионаллық бирге ислесиўди және де күшейтип, Орайлық Азияны «жасыл» экономикалық раўажланыў ҳәм «таза энергия» орайларынан бирине айландырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
Әййемги Уллы жипек жолын өз-ара энергетикалық байланыслылық арқалы тиклеў жолында да дәслепки қәдемлер тасланды. Жақында COP-29 саммити шеңберинде Қазақстан ҳәм Әзербайжан менен қол қойылған көп тәреплеме келисим Европаға «жасыл» энергияны экспорт етиў имканиятын береди.
– «Жасыл» энергия тараўында Бирлескен Араб Әмирликлери бизиң исенимли ҳәм стратегиялық бирге ислесиўшимиз екенин айрықша атап өтпекшимен,-деди Өзбекстан жетекшиси.
Соңғы жыллары Әмирликлер менен инвестициялар портфели 26 миллиард доллардан асты. Олардың арасында қайта тиклениўши энергетика жойбарлары тийкарғы локомотив болмақта.
«Masdar» компаниясы менен улыўма қуўатлылығы 1,5 гигаватт болған 5 электр энергия объекти иске қосылды. және 1,6 гигаваттқа тең 3 генерация жойбары ҳәм дерлик 520 мегаватт саат энергия сақлаў системалары қурылады.
Бундай жойбарлар Әмирликлердиң басқа жетекши компаниялары ҳәм Саудия Арабстаны, Қатар, Түркия, Қытайлы шериклер менен де әмелге асырылмақта.
Президент Шавкат Мирзиёев мәмлекетимиз Орайлық Азияның қуяш, суў, самал энергиясы ҳәм «жасыл» водородты ислеп шығарыў бойынша үлкен имканиятын биргеликте раўажландырыўдан мәпдар екенин атап өтти.
Дәслепки есап-санақларға бола, тек Өзбекстанның өзинде 500 гигаватт қуяш, 100 гигаватт самал ҳәм 10 гигаватт гидроэнергетика ислеп шығарыў имканияты бар.
Регионымыз үлкен уран ҳәм оғада әҳмийетли стратегиялық шийки зат резервлерине бай.
– Бул бағдарда ҳәр бир сырт елли шеригимизге барлық қолайлы шараятларды жаратып бериўге таярмыз,-деди Өзбекстан жетекшиси.
Президентимиз әнжуманда қатнасып атырған абырайлы илимий орайлар, эксперт ҳәм илимпазларды Ташкентте ашылған «Жасыл» университет пенен изертлеўлер ҳәм инновациялық бағдарламаларды әмелге асырыўда жедел бирге ислесиўге шақырды.
Бул университет негизинде Жер деградациясы ҳәм шөллениўге қарсы гүрес бойынша халықаралық илимий изертлеў тармағын жаратыў усыныс етилди.
Дубай ҳәм Бакуде болып өткен “ COP-28” ҳәм “ COP-29” саммитлери ҳәм басқа халықаралық форумларда Өзбекстан глобал климат өзгериўлериниң унамсыз ақыбетлерин сапластырыў ушын бир қатар басламаларды алға қойған еди.
Климат себепли шығын ҳәм зыянларды баҳалаў бойынша халықаралық орайды шөлкемлестириў, дәрья экосистемалары қәўипсизлигин тәмийинлеў, Суўды үнемлеўши технологиялардың регионаллық хабын шөлкемлестириў, Өсимликлердиң генетикалық ресурслары банкин жаратыў солардың қатарына киреди.
– Бул бағдарда барлық бирге ислесиўшилеримиз бенен әмелий жумысларды баслаўға таярмыз,-деди Өзбекстан Президенти.
Мәмлекетимиз басшысы быйыл Өзбекстанда өтиўи режелестирилген Орайлық Азияның глобал климат машқалаларына бағышланған конференцияда улыўма регионаллық Жасыл раўажланыў концепциясы усыныс етилетуғынын айтты.
Сондай-ақ, саммитте қатнасып атырған мәмлекетлердиң ўәкиллери 15-май – Халықаралық климат күнинде Аралбойы регионында болатуғын Санлы «жасыл» басламалар глобал жаслар фестивалына мирәт етилди.
Сөзиниң соңында мәмлекетимиз жетекшиси Жаңа Өзбекстан турақлы раўажланыў ҳәм «жасыл» раўажланыў жолындағы кең түрдеги бирге ислесиўге пүткил дүньяға ашық екенлигин атап өтти.
ӨзА