АҚШтың Tesla электромобильлер ислеп шығарыўшысы, 2024-жыл жуўмақларына бола, биринши мәрте Германияның Audi премиум-брендин дүньяда автомобильлер сатыў бойынша қуўып өтти. Бул ҳаққында Bloomberg хабар берди.
«Volkswagen AG қурамына киретуғын Audi 2024-жылы, 1,67 млн дана яки бир жыл алдынғыдан 12 процент аз автомобиль сатты. Европа ҳәм Қытайда күшейип баратырған бәсеки ҳәм Audi электромобильлерине талап төменлиги себепли, бренд өткен жылы 1,79 млн дана автомобиль сатқан Tesla компаниясынан артта қалды», -делинеди хабарда.
Дүнья базарындағы ең өтимли автомобильлерден саналған Tesla Model Y кроссовери быйыл да жаңаланды. Ҳәзирги жағдайда Audi ҳәм басқа немис автомобильлериниң «люкс» тамғалы машиналарына Қытайда талап және де төменлейди. Европада болса бир неше мәмлекет электрокарлар сатып алыўына субсидияларды қысқартты, ақыбетинде электромобильлердиң саўдасы күтилген дәржесинен төменлигинше қалмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги