Жети күнлик ашлық инсан организмин майларды еритиў процесине нәтийжели «өткерип», мийдиң ислеўи ушын әҳмийетли болған белокларда өзгерислер жасайды – Лондондағы малика Мария университети ҳәм Норвегия спорт илимлери мектебиниң илимпазлары усындай жуўмаққа келди. Изертлеў нәтийжелерин Nature Metabolism баслымы жәриялады.
Изертлеўде 12 саламат кеўилли (5 ҳаял, 7 ер адам) қатнасты, олар бир ҳәпте даўамында тек ғана суў ишти. Илимпазлар тәжирийбеге шекем, оның даўамында ҳәм жуўмақланғаннан соң шама менен үш мыңға шекем қан белокларында жүз берген өзгерислерди ҳәр күни белгилеп барды.
Арадан 48-72 саат өтип қатнасыўшылардың организми майларды жемире баслап, олардан глюкоза орнына тийкарғы энергия дәреги сыпатында пайдаланыўға өтти. Қатнасыўшылар жети күн даўамында орташа 5,7 килограммнан дене массасын жоғалтты. Олар толық аўқатланыўға қайтқаннан соң, булшық етлердиң массасы үш күнде тикленип, денедеги майдың муғдары азайғаны атап өтилди.
Ашлық тийкарғы ағзалар, соның ишинде, мийдиң жумысына тәсир етиўши белоклардан қандай өзгерислерге себеп болатуғыны да үйренилди. Анықланыўынша, бул өзгерислер ашлықтың үшинши күнинен басланған ҳәм олар масса жоғалтыў менен байланысқа ийе емес.
Қарақалпақстан хабар агентлиги