Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде Өзбекстанда факторинг хызметлери базарын раўажландырыўға қаратылған нызам жойбары екинши оқылыўда көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, нызам жойбарында пул талапнамасынан басқа адам пайдасына ўаз кешиў бойынша шеклеўди бузғаны ушын жуўапкершиликти бийкарлаў, қарыйдардың контрагенти резидент емес болғанда факторинг операцияларын сырт ел валютасында әмелге асырыўға рухсат бериў, пул талапнамасынан ўаз кешиў ҳаққындағы хабарнамаларды гиреў реестринде дизимге алыўды жолға қойыў нәзерде тутылмақта.

Соның менен бирге, жойбарда исбилерменлик субъектлерине факторинг хызметин көрсетиўге қәнигелескен факторинг шөлкемлерин дүзиў, Факторинг шөлкеминиң жумысын банк емес кредит шөлкеми сыпатында реестрге киргизиў ҳәм оның жумысын Орайлық банк тәрепинен тәртипке салыў белгиленбекте.

Нызам жойбары менен пул талапнамасынан басқа адамның пайдасына ўаз кешиў менен байланыслы қатнасықларды тәртипке салатуғын нормалар киргизилмекте. Пул талапнамасынан ўаз кешиў ҳаққындағы хабарнаманы гиреў реестринде дизимге алыў тәртиби орнатылмақта. Қарыйдардың контрагенти резидент емес болғанда факторинг операцияларын сырт ел валютасында әмелге асырыў ушын рухсат бериўге, сондай-ақ қаржы агентликлери ҳәм қарыздарларды ҳуқықый қорғаўды күшейтиўге қаратылған өзгерислер менен қосымшалар нәзерде тутылмақта.

Бул нызам жойбарының қабыл етилиўи елимизде факторинг хызметлерин әмелге асырыўдың халықаралық әмелиятқа сәйкес нызамшылық базасы жаратылыўына хызмет етеди. Бул болса исбилерменлик субъектлериниң қаржы хызметлеринен кеңнен пайдаланыўға болған талабын қанаатландырыў және исбилерменликти ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўдың нәтийжели қуралларынан бири болады.

Муҳтарама Комилова,

ӨзА