Орайлық банк тәрепинен халық арасында өткерилген сораўлар нәтийжесине бола, декабрь айында халық тәрепинен сезилерли инфляция дәрежеси алдынғы айға салыстырғанда тезлесип, 14,7 процентти қурады.
Соралғанлардың 57 проценти инфляция факторы сыпатында жанар май ҳәм энергия баҳасының қымбатлаўы қәўетерин көрсеткен.
Сондай-ақ, комуналлық хызметлердиң қымбатлаўы 56 процент, транспорт қәрежетлериниң артыўы 35 процент, баҳалардың артыўы 33 процент қәўетерин көрсеткен. Бизнестиң күтилмелери бирден 1,2 процент бәнтке төменлеген ҳәм 13,9 процентке жеткен.
Келешекте баҳаларға арттырыўшы басым көрсетиўи мүмкин болған тийкарғы факторлар сыпатында жанар май ҳәм энергия ресурслары, коммуналлық хызметлердиң қымбатлаўы, валюта курсының өзгериўи, транспорт қәрежетлериниң артыўы ҳәм монополия, баҳалардың жасалма арттырылыўын атап өткен респондентлердиң үлеси көбейген.
Халықтың инфляциялық күтилмелериниң жоқары көрсеткиши Ташкент қаласында бақланған болса, салыстырмалы төмен инфляция күтилмелери Әндижан ўәлаятында жасап атырған халық тәрепинен белгиленди. Ташкентте халықтың инфляциялық күтилмелери 19,1 процентти қураған. Ноябрьда 17,7 процент еди. Бул рәсмий инфляциядан дерлик 2 есеге жоқары дегени.
Исбилерменлик субъектлериниң жоқары инфляциялық күтилмелери Ташкент қаласында бақланған болса, салыстырмалы төмен күтилмелер Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барып атырған исбилерменлер тәрепинен белгиленди.
Халық тәрепинен жоқары сезилген инфляция дәрежеси өндирис тараўы ўәкиллери тәрепинен билдирилген болса, салыстырмалы төмен сезилген инфляция дәрежеси турмыслық хызмет тараўы ўәкиллери тәрепинен атап өтилди.
Ш.Маматуропова, ӨзА