Мәмлекетимиз басшысының Бирлескен Араб Әмирликлерине рәсмий сапары шеңберинде Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм БАӘниң абырайлы IFFCO Group компаниясы арасында қол қойылған бирге ислесиў Меморандумы да жаңа перспективалы жойбарлар ушын тийкар жаратты.
Аўыл хожалығы министри Иброҳим Абдураҳмоновтың қатнасыўында болып өткен бул келисим еки мәмлекет арасында аўыл хожалығы тараўындағы бирге ислесиўди күшейтиўге қаратылған болып, бир неше тийкарғы бағдарларды өз ишине алады. Атап айтқанда, жасалма өнимлерге қарсы гүрес ҳәм интеллектуаллық мүлкти қорғаў, импорт көлемин арттырыў, технологияларды тартыў ҳәм оқыў бағдарламаларын ислеп шығыў, қосымша санаат жойбарларын әмелге асырыў мәселелери бүгинги күн тәртибинен әҳмийетли орын ийелейди.
Меморандумға бола, IFFCO Group тәрепинен Өзбекстанға стратегиялық азық-аўқат өнимлерин, соның ишинде, өсимлик майы ҳәм унды жылына 10 мың тоннаға шекем экспорт етиў режелестирилген. Сондай-ақ, IFFCO Group өнимлерин қәлбекилестириўге қарсы исенимли илажлар көриледи.
Бул компания тәрепинен Өзбекстанда азық-аўқат қәўипсизлиги орайы шөлкемлестириледи. Сондай-ақ, келисимлерге бола, келешекте томат пастасы, өсимлик майлары ҳәм басқа да азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў бойынша жаңа жойбарлар әмелге асырылады.
Сапар даўамында министрдиң қатнасыўында халықаралық стандартларға сәйкес қатнас ҳәм узақ мүддетли бирге ислесиў ушын тийкар болатуғын бир қатар ушырасыўлар болып өтти. Онда еки тәреп арасындағы бирге ислесиўди және де кеңейтиў бойынша келисимлерге ерисилди.
Муҳайё ТОШҚОРАЕВА,
ӨзАның хабаршысы