Мәмлекетимизде физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахслардың саламат турмыс тәризине ийе болыўына жәрдем бериў, олардың спорт пенен шуғылланыўы ушын зәрүр шараятлар жаратыў, таланты ҳәм майыплық дәрежесинен келип шығып пара спорт түрлерине бағдарлаў тийкарғы ўазыйпалардан бири есапланады.
Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен өткен жылдың ноябрь айында қол қойылған «Майыплығы болған шахсларды спортқа тартыў арқалы физикалық реабилитациялаў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарында да усы мәселелер өз көринисин тапқан.
Усы күнлерде аймақларда майыплығы болған шахсларды спортқа тартыў бойынша үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.
Социаллық қорғаў миллий агентлиги, Адаптив спорт түрлери ассоциациясы ҳәм аймақлық спорт басқармаларының қәнигелери Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Бухара, Наўайы, Самарқанд, Жиззақ, Қашқадәрья, Сырдәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларында болып, үгит-нәсиятлаў жумысларында қатнасты. Халық ўәкиллери менен сөйлесиўлер даўамында майыплығы болған шахслардың спорт пенен турақлы шуғылланыўын жолға қойыў, спорт объектлерин майыплығы болған шахсларға бейимлестириў ҳәм оларға зәрүр шараятлар жаратыў бағдарында зәрүр түсиниклер айтып өтилди.
Сөйлесиўлер даўамында сондай-ақ, адаптив спорт түрлери бойынша талантлы спортшыларды анықлаў, таңлаў ҳәм оларды профессионал спортшылар сыпатында таярлаўға итибар қаратылды.
Имкансызлықтан имкан таўып, өз күши, ерк-ықрары себепли турмыста көпшиликке ибрат болып атырған пара спортшыларымыздың кең жумысы талланған сөйлесиўлер ўақтында быйылғы жылы әмелге асырылатуғын тийкарғы ўазыйпалар белгилеп берилгени ҳәм усы, қарарда келтирип өтилгени атап өтилди.
Режеге муўапық, 2025-жыл ишинде Ташкент ўәлаятында 33 мың 502, Қарақалпақстан Республикасында 25 мың 908, адаптив спорт топарларына 2 мың 937 майыплығы болған шахслардың қамтып алыныўы нәзерде тутылмақта.
Т.Рўзиев, ӨзА