Мәмлекет бас бажыханасы жәриялаған мағлыўматларға қарағанда, Қытай 2024-жылдың ақырына шекем нефть импортын 1,9 процент қысқартып, сырттан алынып атырған тәбийғый газ муғдарын болса 9,9 процентке көбейткен.

Өткен жылы ҚХРға сырттан 553.415 миллион тонна шийки нефть кирген, баҳа кесиминде бул қун 324.798 миллиард долларға тең. Бул  2023-жылға салыстырғанда 3,9 процентке аз. Тәбийғый газ импорты 131.69 миллион тонна ямаса 65,164 миллиард долларды қурайды. Баҳа кесиминде бул көрсеткиш 1,2 процент өсимди көрсетеди.

Көмир импорты 542,69 миллион тоннаға жетип, 14,4 процентке артты ҳәм пул көринисинде 52.098 миллиард долларға түсти (1,8 процент төменлеў).

2023-жылдың ақырында нефть импорты 11 процентке көбейип, 564 миллион тоннаны, сырт елден газ сатып алыў 119,97 миллион тоннаны, көмир импорты болса 474.41 миллион тоннаны (өсим 61,8 процент) қураған еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги