Усы бойынша студентлерден бир қатар мүрәжатлар келип түсти. Бул мәселе бойынша Жоқары билимлендириў министрлигиниң тийисли жуўапкерлери менен байланысып, жағдайға анықлық киргизиўге ҳәрекет еттим, дейди Xushnudbek телеграм каналында.

Себеби неде?

Стипендия кешигип атырғанының себеби, ҳәзирги күнде жоқары оқыў орынларының қаржы системасын толық санластырыў жумыслары жуўмақлаўшы басқышта екен. Хабарыңыз бар, санластырыў процесслери бир неше жылдан берли даўам етпекте. Мәселен, контракт төлемлери бурын тек ғана банкке барып төленетуғын еди, студенттиң есабын (яки қарызын) онлайн көриў де мүмкин емес еди, маркетинг бөлиминиң есигинде сарғайып күтиў керек еди. Кейинги жыллары бул толық санластырылды, ҳәзир бир ЖШШИР санын киргизип, контрактти онлайн төлеў мүмкин.

Енди стипендияға нәўбет келди. Бул да толық санлы системаға өтип атыр. Сол себепли техникалық жақтан кешигип атыр екен.

Тийкарғы мақсет, жоқары билимлендириў системасында талан-тараж ҳәм пул «жеў»лердиң алдын алыў, деди жуўапкерлер.

Қашан төленеди?

Ҳәзирги ўақытта система дерлик таяр болып, ҳәттеки бүгиннен-ақ төлеў басланған. Мәселен, 3 ЖООда – Гүлистан мәмлекетлик педагогикалық институты, Наманган мәмлекетлик шет тиллери институты ҳәм Наманган тоқымашылық санааты институтында төленгени айтылды.

Жуўапкерлер узағы менен 3 күн ишинде басқа жоқары оқыў орынларында да төлемлер басқышпа-басқыш әмелге асырылатуғынын айтты. Көпшилиги ертең өтеди екен.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги