Мәс ҳалында транспорт басқарғанларға жаза тайынланды

Жынаят ислери бойынша Нөкис районы судының тергеў судьясы Г.Утепбергенова тәрепинен районлық Ишки ислер бөлими имаратында көшпели ашық суд мәжлиси өткерилди.
Онда Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 131-статьясы (транспорт қуралларын мәс ҳалында басқарыў)нда көрсетилген ҳуқықбузарлықты ислеген еки шахстың қарсысына топланған ис ҳүжжетлери көрип шығылды.

Ҳуқықбузар Д.Ф. Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 131-статьясы 1-бөлими менен айыплы деп табылып, оған 1 жыл 6 ай мүддетке барлық түрдеги автотранспорт қуралларын басқарыў ҳуқықынан айырыў ҳәм базалық есаплаў муғдарының 25 есеси, яғный 9.375.000 сум муғдарында жәрийма жазасы, пуқара Қ.Ж. Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 131-статьясы 2-бөлими менен айыплы деп табылып, оған он бес сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы тайынланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги