Қарақалпақстан Республикасында 2025-жылы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықтан шығарыў, сондай-ақ, аймақларды раўажландырыў бойынша экономикалық комплекс тәрепинен әмелге асырылған ўазыйпалар ҳәм «драйвер» жойбарларды анықлаў ҳәм Қытай мәмлекетиниң 32 тәжирийбесин енгизиў бойынша берилген тапсырмалардың орынланыўы мазмун-мәнисин «Мәҳәлле жетилиги»не түсиндириў бойынша аймақларда оқыў семинарлары шөлкемлестирилмекте.

Хожели районы ҳәкимлигиниң мәжилислер залында өткерилген семинарға Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары Т.Аминов, Орайлық банктиң Қарақалпақстан Республикасы Бас басқармасы баслығының орынбасары Ж.Артықбаев, район ҳәкиминиң орынбасарлары, коммерциялық банклер, кәрхана-шөлкемлердиң басшылары, «Мәҳәлле жетилиги» жуўапкерлери қатнасты.

Семинарда районда әмелге асырылған жумыслар ҳәр тәреплеме талқыланды. Бар машқала ҳәм кемшиликлерди сапластырыў бойынша тийисли көрсетпелер, тийкарғы ўазыйпалар белгилеп берилди.

Атап айтқанда, быйылғы жылы халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықтан шығарыў бойынша коммерциялық банклер, район ҳәм ҳәр бир мәҳәлле кесиминде көрсеткишлерди ислеп шығыў зәрүрлиги, онда халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм дәраматларын арттырыў мақсетиндеги режелерди әмелге асырыў бағдарларын, Қытай мәмлекетиниң 32 тәжирийбеси тийкарындағы жойбарларды әмелиятқа енгизиў механизмлерин ҳәм қаржылай механизмлерин анық көрсетиў зәрүр екенлиги түсиндирилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги