2025-жыл 11-январьда мәмлекетимиз басшысының «Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.

Оған бола, балаларды саламатландырыў ҳәм ҳалықтың саламатлығын тиклеўге жәрдемлесиў қорына 2025- 2026-жыллары ажыратылыўы нәзерде тутылған қаржының бир бөлегин 2023-жыл жаз мәўсиминде дем алған балалардың жоллама қәрежетлерин ҳәм 2024-жылы жаз мәўсиминде 59 дем алыў орынларын таярлаў мақсетинде алып барылған оңлаў жумыслары бойынша жүзеге келген қарыздарлықты қаплаў ушын бағдарлаўға руқсат берилди.

Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң бойсыныўы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигинен Министрлер Кабинетине өткерилгенлиги мүнәсибети менен нызамшылық ҳүжжетлери өз-ара муўапықластырылады.

Буннан тысқары, «Балаларды саламатландырыў дем алыў орынларына жоллама алыў мәлимлеме системасы» «ПҲАЖдың бирден-бир электрон архиви» мәлимлеме системасы менен интеграцияланады.

Онда, жоллама сатып алыў процесинде Балалар саламатландырыў дем алыў орынларына жоллама алыў мәлимлеме ситстемасына балалардың туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалығының мағлыўматлары киргизилгенде сол баланың толық аты менен, жынысы, туўылған сәнеси, ай ҳәм жылы ҳаққындағы мағлыўматлар автомат түрде қәлиплеседи.

ӨзА