Абдуваққос Рафиқов Санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги комитетиниң баслығы, Азим Аҳмадхўжаев Атом энергиясы агентлигиниң директоры, Жамшид Турсунов Автомобиль жоллары комитетиниң баслығы лаўазымына тайынланды.

Бүгин, 21-июнь күни Министрлер Кабинетинде президент Шавкат Мирзиёевтиң тийисли қарарларына тийкарланып, лаўазымларға тайынланған ҳәм тастыйықланған бир қатар талабанлар бас министр Абдулла Арипов тәрепинен ҳүкимет ағзаларына таныстырылды.

Атап айтқанда:

– Абдуваққос Воҳидович Рафиқов Министрлер Кабинети жанындағы Санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги комитетиниң баслығы;

– Азим Исроилович Аҳмадхўжаев Министрлер Кабинети жанындағы Атом энергиясы агентлигиниң директоры;

– Олимжон Муҳаммаджонович Умаров Санлы технологиялар министриниң биринши орынбасары;

– Жамшид Юнусович Турсунов Транспорт министрлиги жанындағы Автомобиль жоллары комитетиниң баслығы лаўазымына тайынланды.

Соның менен бирге, Министрлер Кабинетиниң тийисли қарарына тийкарланып, Амриддин Насриддинович Абдураҳмонов Транспорт министрлиги жанындағы Автомобиль жоллары комитети баслығының жол хожалығы тараўына алдынғы сырт ел тәжирийбелерин енгизиў ҳәм санластырыў мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланғаны мәлим етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги