Өзбектсан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов Қырғызстан Бас министри Ақылбек Жапаров пенен сөйлесиўлер өткерди. Бул ҳаққында Қырғызстан ҳүкимети баспасөз хызмети мәлимлеме берди.

Ушырасыўда ҳүкимет басшылары еки тәреплеме бирге ислесиў күн тәртибине киргизилген үш перспективалы инфраструктура жойбарын ҳәр тәреплеме додалады.

Буннан тысқары, Қамбарата- 1 ГЭСи ҳәм Чатқал дарьясында ГЭС қурылыўы бойынша сөйлесиўлер алып барылды. Сондай-ақ, Талас-Чатқал-Ташкент автомобил жолы қурылысы жойбары да додалаўлар орайында болды.

Ҳәзирги күнде  бул жойбар бойынша “Жол картасы” ислеп шығылып атырғаны  ҳәм жойбардың әмелге асырылыўы өз-ара товар алмасыў көлемин арттырыў ҳәм еки мәмлекеттиң туристлик потенциалын арттырыў имканиятын беретуғыны  атап өтилди.

Соның менен бирге, Қырғызстаннан Өзбектсанға көмир жеткерип бериўге қаратылған конвейер ҳәм көмир логистика орайын қурыў бойынша биргеликтеги жумысларды жақсылаў бойынша пикир алысты.

                                                                                                             ӨзА