Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жаслар сиясатына бағышланған видеоселектор мәжилиси ҳәм жаслар менен сәўбет даўам етпекте.

Қор ҳәкимлер менен биргеликте 14 районды таңлап, «төртинши санаат» кәсиплерине оқытыў орайын ашады ҳәм толық үскенелеп береди.

Бул орайлар жас исбилерменлерге 1 жыл жеңилликли дәўир менен 10 жылға ижараға бериледи. Орайлардың оқыў бағдарламалары халықаралық стандартларға бейимлестириледи.

Қор Сурхандәрья тәжрийбеси тийкарында ҳәр бир ўәлаятта биреўден Жаслар санаат зонасында санаат имаратларын қурады.

Бул жайлар «санаат ипотекасы» тийкарында жоқары қун жарататуғын жойбарлар ушын жасларға 7 жылда бөлип төлеў шәрти менен бериледи. Онда жаслардан биринши жыл ушын төлем өндирилмейди.

ӨзА