Кеше Қытайдың “Чанъэ-6” зонды Айдың узақ тәрепинен жыйналған топырақ үлгилерин Жерге алып түсти. Бул ҳаққында Қытай миллий космослық басқармасы мәлим етпекте.

Келтирилген мағлыўматларға бола, “Чанъэ-6” зондының қайтыў модули сийшемби күни Қытай Халық Республикасының Ишки Монголия автоном районындағы аймаққа қонған ҳәм миссия табыслы деп табылған.

Орбитал , қоныў, көтерилиў ҳәм қайтыў модуллеринен ибарат зонд 3-май күни ушырылған еди.

“Чанъэ-6” зонды июнь айы басында Айдың арғы тәрепине қонған. Ол жерде топырақ жыйнаған ҳәм белгилерин қайтарыўшы қуралға жеткерген.

                                                                                                                       ӨзА